Аўыл хожалығы илимлериниң кандидаты, жоқары билимлендириў ағласы Эгамқулов Карим Ойбековичтиӊ қайтыс болыўы мүнәсибети менен кеўил билдириў

215

Пүткил өмирин ҳәм мийнет жолын елимиздиң билимлендириў тараўының раўажланыўына бағышлаған пидайы устаз, аўыл хожалығы илимлериниң кандидаты, жоқары билимлендириўдиң ағласы Карим Ойбекович Эгамқулов усы жылдыӊ 14-февраль күни 87 жасында қайтыс болды.

Карим Эгамқулов 1939-жылы 5-майда Сырдәрья ўәлаятының Гүлистан районында туўылды. 1964-жылы Ташкент мәмлекетлик педагогикалық институтын (ҳәзирги Низамий атындағы Өзбекстан миллий педагогикалық университети) тамамлап, сол дәргайда үлкен лаборант болып жумыс баслады. Кейин усы институттың аспирантурасында билим алды ҳәм кандидатлық диссертациясын қорғады.

1969-1972-жыллары Сырдәрья ўәлаяты “Билим” жәмийетиниң жуўаплы хаткери болып ислеп, халқымызға ағартыўшылық ҳәм мәрипат үлестириўге мүнәсип үлес қосты.

1972-1975-жыллары Сырдәрья мәмлекетлик педагогикалық институты проректоры ўазыйпасында нәтийжели жумыс алып барып, өзиниң жетекшилик потенциалын, шөлкемлестириўшилик ҳәм интакерлик пазыйлетлерин көрсетти.

1975-1987-жыллары Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизацияластырыў инженерлери институтының Янгиер филиалының директоры лаўазымында хызмет етип, республикамызда тараў ушын жоқары маман кадрларды таярлаў жумысларында пидайылық көрсетип мийнет етти.

Карим Эгамқулов илимди әмелият пенен байланыстырып, атап айтқанда, аўыл ҳәм суў хожалығы билимлендириўин ҳәм әмелиятын раўажландырыў бағдарында өзине тән тәжирийбе мектебин жаратты.

Ирригация ҳәм аўыл хожалығы тараўына байланыслы 20 дан аслам оқыў-методикалық қолланбалар ҳәм сабақлықлардың авторы сыпатында танылды.

Тәжирийбели ҳәм алдыңғы педагог Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институтының маманлығын арттырыў факультети деканы, топырақтаныў кафедрасының баслығы, Сырдәрья ўәлаяты есапшыларды қайта таярлаў оқыў орайының директоры ўазыйпаларында да нәтийжели мийнет етип, республикамыздың ирригация ҳәм аўыл хожалығы тараўы ўәкиллериниң әмелий билим ҳәм көнликпелерин беккемлеў, оларды заманагөй илим жетискенликлери менен таныстырыў жумысларын нәтийжели шөлкемлестирди.

Соңғы жыллары үлкен жаста болыўына қарамастан, пидайы жәмийетши, үлкен турмыслық тәжирийбеге ийе ақсақал сыпатында елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, аўыл ҳәм мәҳәллелерди абат етиў, халықтың турмыс шараятын жақсылаўға қаратылған ийгиликли жумыслардың нәтийжесин үгит-нәсиятлап келди. Өзиниң дана мәсләҳәтлери менен жасларымызды ана Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў жолындағы жумысларға бас-қас болды.

Жоқары потенциаллы илимпаз, жаслардың меҳрибан устазы, кишипейил инсан Карим Эгамқуловтың естелиги кеўиллеримизде мәңги сақланып қалады.

Ш.Мирзиёев, Т.Норбоева, Н.Исмоилов,

А.Арипов, С.Турдиев, Е.Турдимов