Рамазан айында мүтәж халықты мәмлекет тәрепинен социаллық қоллап-қуўатлаў илажлары додаланды

Президент Шавкат Мирзиёев 16-февраль күни Рамазан айында жәрдемге мүтәж халықтың социаллық қорғалыўын буннан былай да күшейтиў мәселелерине бағышланған мәжилис өткерди.
Мәмлекетимизде соңғы жылларда инсан қәдирин улығлаў, халықты социаллық қорғаў ҳәм әдалатлы жәмийет қурыўға қаратылған кең көлемли реформалар избе-из әмелге асырылмақта. Конституцияда беккемлеп қойылғанындай, Өзбекстан социаллық мәмлекет сыпатында пуқаралардың абаданлығын тәмийинлеў, жәрдемге мүтәж қатламларды қоллап-қуўатлаў ҳәм жәмийетте мийрим-шәпәәт орталығын күшейтиўди тийкарғы ўазыйпа деп биледи. Бул принциплер, әсиресе, Рамазан айында және де айқын көзге тасланып, сақаўат ҳәм аўызбиршилик қәдириятлары әмелий жумыслар менен беккемленбекте.

Мәмлекетимиз басшысы мүбәрек айда нураныйлар, жалғыз ҳәм жәрдемге мүтәж пуқаралардың ҳалынан хабар алыў, аўыр жағдайға түсип қалған шаңарақларға әмелий жәрдем бериў жақсы қәдирият екенин атап өтти.
Мәжилисте усы мақсетте ислеп шығылған “Рамазан – мийрим-шәпәәт, аўызбиршилик ҳәм шүкиршилик айы” сүрени астындағы комплексли илажлар ҳаққында мәлимлеме берилди. Оларды әмелге асырыў ушын “Вақф” қайырқомлық жәмийетлик фондына 750 миллиард сум ҳәм Социаллық қорғаў миллий агентлиги арқалы 300 миллиард сум ажыратылатуғыны белгиленди.

Ажыратылатуғын қаржылар есабынан мүтәж шаңарақларға бир мәртелик материаллық жәрдем көрсетиў, майыплығы болған шахслардың емлениўи ҳәм хирургиялық әмелиятларының қәрежетлерин қаплап бериў нәзерде тутылған.
Президентимиз быйыл январь айында өткерилген видеоселектор мәжилисинде бүгин ҳәр қыйлы радикал ҳәм экстремистлик идеялар мәлимлеме технологиялары арқалы жасларымыздың санасын зәҳәрлеўге урынып атырғаны, тек ғана жаза ҳәм қадаған етиў менен бул машқаланы шешиўге болмайтуғынын атап өткен еди.
Ҳәзирги ўақытта Президентимиз жәмийет аналары ҳәм келешек әўлад тәрбияшылары болған ҳаял-қызларды бузғыншы идеялар тәсиринен сақлаў, оларды ҳәм руўхый, ҳәм материаллық қоллап-қуўатлаў мәселесине айрықша итибар қаратты.

Бул процессте жат идеялар тәсирине түсип қалған шахсларды социалластырыў, материаллық қоллап-қуўатлаў, олардың шаңарақлары менен индивидуаллық тәризде ислеп, медициналық ҳәм психологиялық жәрдем көрсетиў және кәсип-өнерге үйретиў арқалы бәнтлигин тәмийинлеў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.
Президентимиз ҳәр бир мәҳәлледе жәрдемге мүтәж шаңарақлардың анық ҳәм ашық-айдын дизимин қәлиплестириў, жәрдемлерди пуқаралардың дини, миллети ҳәм социаллық келип шығыўына қарамастан, теңдей ҳәм әдил түрде жеткериў шәрт екенлигин айрықша атап өтти. Жуўапкер уйымларға бул бағдарда қатаң қадағалаў орнатыў тапсырылды.
ӨзА