Жоқары экономикалық өсим пәтлерин тәмийинлеў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында тармақ ҳәм аймақларда жоқары экономикалық өсим пәтлерин тәмийинлеў бойынша тийкарғы ўазыйпаларды додалаўға бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти.
Мәжилис алдында өткен жылғы макроэкономикалық нәтийжелер атап өтилди. Мәмлекетимиздиң жалпы ишки өниминиң көлеми 7,7 процентке өсип, 147 миллиард доллардан асты. Экономикалық өсимниң ярымынан көби хызметлер есабынан тәмийинленди. Аўыл хожалығында гектарынан орташа дәрамат 4,5 мыңнан 5 мың долларға көбейди, мийнет өнимдарлығы 4,7 процентке артты.
Экономикаға алдынғы, энергияны үнемлейтуғын технологиялар кирип киятырғаны ҳәм жоқары қосымша қун беретуғын жойбарлар көбейип атырғаны нәтийжесинде бир жыл ишинде бир долларлық қосымша қун жаратыўға жумсалған энергия қәрежетлери 15 процентке азайды.
Президентимиз 2026-жыл ушын белгиленген көрсеткишлерге тоқтап өтип, 6,6 процентлик экономикалық өсим арқалы жалпы ишки өним көлемин 167 миллиард долларға жеткериў режеси геосиясий жағдай ҳәм экономикалық өзгерислерди есапқа алған ҳалда қәлиплестирилген итибарлы прогноз екенин атап өтти.
Соның менен бирге, ҳәр бир министр, ҳәким ҳәм тармақ басшысы тараўға жаңаша басқарыў усылын алып кирип, ресурслардан нәтийжели пайдаланса, дәстүрий экспорт базарларына байланып қалмастан, жаңа бағдарлар ашса, санластырыў ҳәм жасалма интеллект бойынша қәнигелерди жәмлеп, инновациялар киргизсе, жасларды тартып, “стартап клублар” шөлкемлестирсе, экономикалық өсимди буннан былай да жоқары пәтлерде тәмийинлеў ушын барлық имканиятлар бар екенлиги көрсетип өтилди.

Мәжилисте стратегиялық кәрханалардың нәтийжелилиги ҳәм қәрежетлерди қысқартыў мәселелери де ҳәр тәреплеме додаланды.
Миллий инвестиция қорын басқарыўға тартылған. “Franklin Templeton” компаниясының таллаўына бола, корпоратив мәдениятты күшейтиў, логистика, санластырыў ҳәм энергия нәтийжелилигинде үлкен резервлер бар екенлиги атап өтилди. 19 стратегиялық кәрхана басшыларына сатып алыў системасы, логистика, санластырыў ҳәм энергия нәтийжелилиги бойынша кескин илажлар көрип, өзине түсер баҳаны 10-15 процентке қысқартыў ўазыйпасы қойылды.
– Үнемлеў режеси өндиристи қысқартыўдың есабынан емес, ал өнимниң өзине түсер баҳасын қысқартыў арқалы тәмийинлениўи шәрт,-деди Президентимиз.
Сондай-ақ, стратегиялық кәрханаларды “Бирден-бир ғазнахана” мәлимлеме системасы менен қамтып алыў, сатып алыўларды риск-таллаў тийкарында категорияластырыў арқалы нәтийжесиз қәрежетлерге шек қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Аймақлық санаатты раўажландырыўдағы кемшиликлер кескин сынға алынды. Үш жылда республика санааты 21 процентке өскен болса да, бир қатар районларда бул көрсеткиш 10 процентке де жетпегени, айырым аймақларда кредит ресурслары ҳәм инвестициялардың өсими санааттың өсимине сәйкес тәсир көрсетпей атырғаны көрсетип өтилди.
Ўәлаят ҳәкимлериниң биринши орынбасарларына 12 районға барып, бир ай орнында ислеў, өндириси төменлеген кәрханаларды “аяққа турғызыў” ҳәм бул районларда санааттың өсиўин тәмийинлеў ўазыйпасы қойылды.

Улыўма, республика санаатын кеминде 8,5 процентке өсириў бойынша тармақ ҳәм аймақлар бойынша режелерди тастыйықлаў, биринши шерек жуўмағында анықланған машқалалар ҳәм олардың шешимине қарап, басшылардың жумысына баҳа бериў белгиленди.
Елимизде жылына 650 мың дана автомобиль ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе 4 ири кәрхана бар екенлиги, усы жылы 300 ден аслам жергиликли кәрханалар менен кооперация тийкарында және 763 деталь ислеп шығарыўды баслаў және автомобиль ислеп шығарыўды 510 мыңға жеткериў зәрүр екенлиги атап өтилди. Халықтың талабын хошаметлеў мақсетинде автокредит ставкаларын төменлетиў ҳәм көлемин арттырыў илажларын көриў тапсырылды.
Инвестицияларды тартыў ҳәм жойбарларды нәтийжели әмелге асырыў бойынша жаңа басқарыў көзқараслары белгиленди.
Усы жылы 50 миллиард доллар сырт ел инвестициясын алып келиў режеси қойылғаны, жаңа жойбарлар биринши гезекте жоқары қосымша қунлы ҳәм экспортқа жарамлы өним ислеп шығарыўға, ресурслардан нәтийжели пайдаланыў ҳәм жоқары дәраматлы жумыс орынларын жаратыўға хызмет етиўи зәрүр екенлиги атап өтилди.

Министрлер ҳәм ҳәкимлерге 2026-жылғы инвестициялық бағдарламаға киргизилип атырған ҳәр бир жойбардың базары, экспорты, қосымша қуны ҳәм жарататуғын жумыс орынларын толық таллаў тапсырылды.
Енди инвестициялық жойбарлар менен ислесиўде жойбарды иске түсириў менен шекленип қалмастан, оның толық ислеўи, жоқары қосымша қун жаратыўы ҳәм сыртқы базарға шығыўы бойынша да қатаң қадағалаў орнатылады. Усы мақсетте бағдарламаға кирген ҳәр бир жойбарды иске қосылғаннан кейин үш жыл даўамында мониторинг ететуғын “Бирден-бир миллий жойбар басқармасы” платформасы жаратылады.
Өткен жылы ҳәр қыйлы шөлкемлестириў машқалалары себепли 55 ири жойбар кешигип қалғаны атап өтилип, быйыл баҳасы 165 миллиард долларлық 377 стратегиялық жойбар айрықша қадағалаўға алынатуғыны белгиленди.
Сондай-ақ, сырт ел сапарлары шеңберинде 135 миллиард долларлық келисимлерге ерисилгени, усы жылдың өзинде Түркия менен 9 миллиард, Пакистан менен 1 миллиард 428 миллион долларлық инвестициялық келисимлерге қол қойылғаны мәлим етилди.
Инвестициялардың көбейиўи есабынан қурылыс көлемин арттырыў ўазыйпасы қойылды. Жуўапкерлерге быйылғы қурылыс көлемин 400 триллион сумға алып шығып, тараўда кеминде 17 процент өсимди тәмийинлеў тапсырылды. Социаллық ҳәм өндирислик инфраструктура ушын бюджеттен 40 триллион сум ажыратылып атырғаны қурылыс, қурылыс материалы, металлургия ҳәм электротехника кәрханалары ушын үлкен базар екени атап өтилди.

Соның менен бирге, аймақлардағы “Бирден-бир буйыртпашы хызмети” инжиниринг компанияларының қадағалаўын күшейтиў, Қарақалпақстан, Самарқанд ҳәм Ферғанада буйыртпашы хызметлерине тәжирийбе тәризинде жеке меншик секторды тартыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Энергия нәтийжелилигин арттырыў мәселелери бойынша да анық көрсетпелер берилди.
Киши ҳәм орта кәрханалардың жыллық энергия тутыныўының үлкенлигин есапқа алып, бул категориядағы кәрханаларда энергия нәтийжелилиги бойынша жаңа система енгизилетуғыны ҳәм үш жыллық бағдарлама ислеп шығылатуғыны белгиленди. 2026-жылы киши ҳәм орта кәрханаларда 100 миллион куб метр газ ҳәм 500 миллион киловатт-саат электрди үнемлеў илажларын көриў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Сондай-ақ, республикадағы 917 мың жақтыландырыў шырақларының жылына 330 миллион киловатт-саат электр жумсап атырғаны ҳәм күндиз де жанып қалыў жағдайлары ушырасып атырғаны көрсетилип, жақтыландырыў бағаналарына киши қуяш панели, батарея ҳәм күнниң жақтыланыўына қарап, өзи өшип-жанатуғын датчик орнатыўды баслаў тапсырылды.
Мәжилисте мәмлекетлик сатып алыўларда жергиликли ислеп шығарыўшылардың үлесин арттырыў мәселесине де айрықша итибар қаратылды.

Атап өтилгениндей, 300 триллион сумлық мәмлекетлик сатып алыўларда жергиликли өнимлердиң үлеси 68 процентке жеткен болса да, Алмалық комбинаты, “Өзтрансгаз”, “Миллий электр тармақлары”, “Uzbekistan Airports” ҳәм “Өзбекстан ҳаўа жоллары” системаларында бул көрсеткиш 40 процентке де жетпей атырғаны көрсетип өтилди. Сондай-ақ, исбилерменлер мәмлекетлик сатып алыў, экспертиза ҳәм сертификатлаў процесслеринде бюрократия көп екени, айырым басшылар болса “шет елдиң сапасы жақсырақ” деген ески көзқарастан елеге шекем ўаз кешпей атырғанын айтпақта.
Енди министрлер, тармақ басшылары ҳәм ҳәкимлер ҳәр бир жойбарда сөйлесиў, тендер, қурылыс ҳәм шийки зат тәмийнатының барлық басқышларында жергиликли өнимлердиң үлесин көбейтиўге жеке жуўапкер болатуғыны белгиленди.
Экономикалық өсимди сыртқы базарлардың есабынан тәмийинлеў мәселеси мәжилистиң айрықша бағдары болды.
Президентимиз “ишки базардағы талаптың өзи менен жоқары экономикалық өсиўди тәмийинлеп болмайтуғынын” атап өтип, министрлер, тармақ басшылары ҳәм ҳәкимлердиң тийкарғы ўазыйпасы жаңа өнимлер менен жаңа базарларға кирип барыў болыўы зәрүрлигин атап өтти.
Өткен жылы экспорт 22 процентке өсип, 24 миллиард долларға жеткен болса да, көп ғана басшылар экспортта ески жумыс усылынан ўаз кеше алмай атырғаны мысаллар менен көрсетип өтилди. Енди экспорт бойынша талап тек ғана көлем емес, ал жаңа өним ҳәм жаңа базарлар бойынша да болыўы белгиленди.
Ишки базарда баҳа турақлылығын тәмийинлеў, инфляцияға тәсир етиўши факторларды алдыннан анықлап, әмелий шешим табыў ўазыйпалары да белгилеп берилди.
Январь айында жыллық инфляция 7,2 процентти қурағаны, инфляцияның 45 проценти азық-аўқат өнимлери есабынан, әсиресе, 13 проценти гөш баҳасы есабынан қәлиплескени атап өтилди.

Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанындағы Тармақ базарлары ҳәм мийнет өнимдарлығы орайына инфляция бойынша ишки ҳәм сыртқы қәўип-қәтерлерди алдыннан анықлап барыў, ҳәр ҳәпте район ҳәм қала базарларын таллаў, талап прогнозын қәлиплестириў және ҳәр шеректе тийкарғы азық-аўқат өнимлериниң балансын ислеп шығыў ўазыйпасы жүкленди.
Кейинги ҳәптеден мүбәрек Рамазан айы басланыўы мүнәсибети менен ишки базарларда баҳаның турақлылығын тәмийинлеў ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли екени атап өтилип, дийқан базарлары ҳәм ири саўда комплекслеринде арзанласқан азық-аўқат ярмаркаларын баслаў бойынша тапсырма берилди.
Аўыл хожалығында да баҳаның турақлылығын тәмийинлеў ҳәм халықтың дәраматларын арттырыўға қаратылған ўазыйпалар көрсетип өтилди.
Гөште импортқа байланыслылықты қысқартыў ушын азықлық базасын беккемлеў зәрүр екенлиги атап өтилди. Мүбәрек районында 5 мың гектар жер пайдаланыўға киргизилип, мәкке егиў басланғаны үлги сыпатында келтирилди. Усы жылы қосымша 60 мың гектарда усы жумысларды шөлкемлестириў тапсырылды. Бул арқалы қосымша 350 мың қарамал ушын кепилленген от-жем базасы жаратылатуғыны атап өтилди.
Сондай-ақ, өткен жылы 772 мың тонна картошка импорт етилгени атап өтилип, усы жылы 4,5 миллион тонна картошка өнимин алыў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.
Мәжилисте тармақ ҳәм аймақлар басшыларының есабатлары тыңланды.
ӨзА