Өткен жылы сырт ел сапарлары шеңберинде 135 миллиард долларлық келисимлерге ерисилди

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында тармақ ҳәм аймақларда жоқары экономикалық өсиў пәтлерин тәмийинлеў бойынша тийкарғы ўазыйпаларды додалаўға бағышлап өткерилип атырған мәжилисте атап өтилди.
Буннан тысқары, усы жылдың өзинде Түркия менен 9 миллиард, Пакистан менен 1 миллиард 428 миллион долларлық инвестициялық келисимлерге қол қойылды.
Министрлер, тармақ басшылары ямаса ҳәкимлер бул жойбарлардың кешиктирилиўине жол қоймаў керек екенлиги ҳаққында ескертилди.
Инвестиция көбейгени есабынан қурылыс та артады. Жуўапкерлерге быйылғы қурылыс көлемин 400 триллион сумға алып шығып, тараўда кеминде 17 процент өсиўди тәмийинлеў тапсырылды.
Быйыл социаллық ҳәм өндирислик инфраструктура ушын бюджеттен 40 триллион сум ажыратылмақта. Бул қурылыс, қурылыс материалы, металлургия ҳәм электротехника кәрханалары ушын үлкен базар.
Бирақ аймақлардағы “Бирден-бир буйыртпашы хызмети” инжиниринг компаниялары қурылыс сапасы ҳәм нәтийжелилигин қадағалаўға үлгермей атыр. Сонлықтан, Қарақалпақстан, Самарқанд ҳәм Ферғанада буйыртпашы хызметлерине тәжирийбе тәризинде жеке меншик секторды тартыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
ӨзА