Президентимиз Оҳангарандағы микропроцессор модуллерин ислеп шығарыў жойбары менен танысты

Президент Шавкат Мирзиёев Оҳангаран районындағы “Vades Group” компаниясы тәрепинен әмелге асырылып атырған жоқары технологиялы жойбар менен танысты.
Бул кәрханада идентификация ушын мөлшерленген микропроцессор модуллери, сим-карталар, сондай-ақ, транспорт, социаллық ҳәм халықаралық төлем карталарын ислеп шығарыў жолға қойылады.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 22-январьда “Электротехника санаатын раўажландырыўды жаңа басқышқа алып шығыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы қарары қабыл етилген. Ҳүжжетте электротехника санааты ҳәм оған байланыслы тараўларды раўажландырыў, жоқары технологиялық ҳәм жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыўды хошаметлеў бағдарында ўазыйпалар белгилеп берилген.

Соған муўапық, кәрхана санлы мәмлекетлик хызметлерди енгизиў, пуқаралардың күнделикли талаплары ушын қолайлы ҳәм қәўипсиз төлем системаларын қәлиплестириўде зәрүр болған қуралларды ислеп шығарады.
Германияның “Infineon technologies” компаниясы менен биргеликте “Eltech Industrial” технопарки аймағында шөлкемлестирилип атырған кәрхананың улыўма баҳасы 15 миллион долларға тең.

Ҳәзирги ўақытта қурылыс жумысларының екинши басқышы он бес процентке орынланып, 7 миллион доллар инвестиция өзлестирилген.
Аймағы 4 гектар майданды ийелеген заманагөй комплексте 100 ге шамалас жаңа жумыс орны жаратылады, 6 миллион долларлық экспорт әмелге асырылады.

Мағлыўмат орнында айтыў мүмкин, 2025-жыл даўамында мәмлекетимизге 35 миллион долларлық микропроцессор модуллери, сим-карталар ҳәм ҳәр қыйлы төлем карталары импорт етилген.
Бул кәрхана толық иске қосылыўы есабынан 5 миллион долларлық импорттың орнын басатуғын өним ислеп шығарылып, базардағы өзине түсер баҳасы үш-бес процентке азайыўы күтилмекте.

Заманагөй кәрханада ислеп шығарылатуғын өнимлер Қазақстан, Тәжикстан, Қырғызстан, Мозамбик, Камбоджа сыяқлы бир қатар мәмлекетлерге экспорт етиледи.
Мәмлекетимиз басшысы ҒМДА мәмлекетлери арасында өндирис көлеми бойынша үшинши орында болыўы күтилип атырған бул кәрханада жаратылып атырған шараятлар, технологиялық өндирис процесслери менен жақыннан танысты.

Президентимиз жоқары қунлы өнимлер бойынша инновациялық қатнасларды енгизиў, жергиликли кадрлардың потенциалын арттырыў ҳәм экспортты буннан былай да кеңейтиў мәселелеринде әҳмийетли тапсырмалар менен усыныслар берди.