Суд ҳәкимияты бийғәрезлигин тәмийинлеў ҳәм системада коррупцияға қарсы гүресиўдиң жағдайы көрип шығылды

108

Президент Шавкат Мирзиёев 12-февраль күни Судьялар жоқары кеңеси баслығының мәлимлемеси менен танысты.

“Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары кеңеси ҳаққында”ғы нызамның 9-статьясында кеңес баслығы әдил судлаўды әмелге асырыўға тосқынлық етип атырған факторлар ҳәм суд системасында коррупцияға қарсы гүресиўдиң жағдайы ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентине жыл жуўмақлары бойынша мәлимлеме усыныўы белгиленген.

Мәмлекетимиз басшысының 2025-жыл 26-декабрьдеги Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына Мүрәжатында коррупцияға жол қойыў – реформаларға қыянет есапланатуғыны атап өтилип, мәмлекетимизде бул иллетке қарсы гүресиў бойынша усы жылы “айрықша жағдай” жәрияланған еди.

Сол себепли, судлар мәмлекетлик ҳәкимияттың айрықша буўыны сыпатында “коррупциядан жырақ” системаға айланыўында үлги болыўы керек.

Суд еркинлигин тәмийинлеў, судьяларды сыртқы басымлардан қорғаў ушын Судьялар жоқары кеңеси тиккелей жуўапкер есапланады. 2025-жылы өз алдына Пәрман қабыл етилип, оған жаңа ўәкилликлер берилди. Суд системасы ушын жоқары маман кадрларды таярлаў  системасын түп-тийкарынан жетилистириў мақсетинде Кеңес жанында Әдил судлаў академиясы шөлкемлестирилди.

Судьялар жоқары кеңеси тәрепинен өткен жылы 135 талабан биринши мәрте судьялық лаўазымына, 286 судья лаўазымына қайта тайынланды, 241 адамнан ибарат тергеў судьялары корпусы қәлиплестирилди.

Есабат дәўиринде 59 судьяның ўәкилликлери мүддетинен алдын сапластырылды, соның ишинде, судьялық антын бузғаны ҳәм Судьялар әдебияты кодексиниң талапларына әмел етпегени ушын 19 судья лаўазымынан азат етилди, 3 судья жынайый жуўапкершиликке тартылды, 58 судьяның лаўазымлары төменлетилди. Судьялық ўәкиллиги мүддети тамамланған 33 судья гезектеги судьялық лаўазымына ылайық емес деп табылды ҳәм 266 судья интизамий жуўапкершиликке тартылды.

Өткен жылы суд жумысына араласыў жағдайлары бойынша Бас прокуратураға 5 усыныс киргизилди. Кеңестиң рәсмий веб-сайтында судьяның қол қатылмаслығы бузылғанлығы бойынша оператив хабар жибериў имканияты жаратылды.

Судьялардың қол қатылмаслығы ҳәм бийғәрезлигин тәмийинлеў шеңберинде аймақлық судлардың баслықлары тәрепинен шығарылған 6 мыңнан аслам буйрықлар үйренилип, 231 буйрықта 314 судьяға әдил судлаўға байланыслы болмаған ўазыйпалар жүкленгени анықланған ҳәм оларды сапластырыў бойынша анық илажлар көрилген.

Сонлықтан, судьяны өзине тән болмаған ўазыйпалардан азат етиў мақсетинде суд аппаратының хызметкерлери менен ислесиў, материаллық-техникалық тәмийинлеў ҳәм барлық шөлкемлестириў жумысларына жуўапкер болатуғын “суд ҳәкимшилиги” институтын шөлкемлестириў бойынша алдынғы сырт ел тәжирийбеси үйрениледи.

Судьялардың бийғәрезлиги ҳәм қол қатылмаслығын тәмийинлеў бағдарында Судьялардың интизамий коллегиясын шөлкемлестириў арқалы судьяға интизамий жаза қолланыўдың әдил тәртибин жаратыў усыныс етилди.

Судья ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының мүлкин декларациялаўды жолға қойыў, суд аппараты хызметкерлери арасында коррупцияның алдын алыўға қаратылған комплеанс қадағалаў системасын енгизиў, суд аппараты хызметкерлерин жумысқа қабыл етиўдиң ашық-айдын тәртибин жаратыў сыяқлы басламалар алға қойылды.

Буннан тысқары, мәмлекетимизде ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылып атырған мәмлекетлик сиясат шеңберинде суд системасында да гендер теңликти тәмийинлеў мәселеси додаланды. Соның ишинде, жақынласып киятырған 10-март – Халықаралық ҳаял судьялар күнин белгилеў бойынша режелер белгилеп алынды.

Президентимиз билдирилген усынысларды қоллап-қуўатлап, суд ҳәкимиятының еркинлигин, судьялардың қол қатылмаслығын тәмийинлеў, әдил судлаўды әмелге асырыўға тосқынлық етип атырған факторларды сапластырыў бағдарындағы системалы илажларды избе-из даўам еттириў бойынша бир қатар усыныслар берди.

ӨзА