Өзбекстанның Азия инфраструктуралық инвестициялар банки менен бирге ислесиўи кеңеймекте

186

Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов Азия инфраструктуралық инвестициялар банки (АИИБ) президенти Цзоу Цзяи менен биринши рәсмий ушырасыўын өткерди.

Министрлик басшысы бул көп тәреплеме қаржы институтының басшысын лаўазымға кирискени менен қутлықлап, оның президент сыпатындағы дәслепки сапары мине усы Орайлық Азияға әмелге асырылғаны рәмзий мәниге ийе екенин атап өтти.

Сөйлесиўлер даўамында Өзбекстан усы Банктиң региондағы ең ири шериги болып қалып атырғанына айрықша итибар қаратылды.

Банк тәрепинен Орайлық Азияда әмелге асырылып атырған барлық операциялардың 51 проценти елимиздиң үлесине туўра келеди. Операциялар көлеми бойынша Өзбекстан глобал рейтингде Банкке ағза мәмлекетлер арасында алтыншы орынды ийелейди.

Биргеликтеги жойбарлар портфели 7 миллиард доллардан артты. 2024-жылы Самарқандта Азия инфраструктуралық инвестициялар банки Басқарыўшылар кеңесиниң тоғызыншы мәжилиси болып өткени де стратегиялық бирге ислесиўди раўажландырыўда әҳмийетли басқыш болды.

Тәреплер 2030-жылға шекемги өз-ара бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларын додалады. Суверен емес қаржыландырыў көлемин кеңейтиў, мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти қоллап-қуўатлаў, жасыл энергетиканы раўажландырыў ҳәм “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасын әмелге асырыў мәселелери солардың қатарына киреди.

Ушырасыў жуўмағында Лазиз Қудратов Азия инфраструктуралық инвестициялар банки президентин усы жылдың 16-19-июнь күнлери болып өтетуғын Ташкент халықаралық инвестиция форумына мирәт етти.

Азиза АЛИМОВА таярлады,

ӨзА