Мектепке шекемги билимлендириў системасын буннан былай да жетилистириў мәселелери додаланды

Президент Шавкат Мирзиёев мектепке шекемги билимлендириў ҳәм тәрбия системасын буннан былай да жетилистириў бойынша усыныслардың презентациясы менен танысты.
Мектепке шекемги билимлендириў баланың интеллектуаллық, социаллық ҳәм руўхый раўажланыўында шешиўши басқыш есапланады. Сонлықтан, соңғы жыллары бул тараўда қамтып алыўды кеңейтиў, билимлендириўдиң сапасын арттырыў ҳәм жеке меншик сектордың қатнасын хошаметлеў бойынша избе-из реформалар әмелге асырылды. Нәтийжеде мәмлекетимизде мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў 78 процентке жетти.
Соның менен бирге, қамтып алыўды 80 процентке жеткериў ушын жаңа бақша орынларын жаратыў талап етиледи, 39 район ҳәм қалада болса бақша менен қамтыў 70 проценттен төмен дәрежеде қалмақта. Сондай-ақ, мәмлекетлик бақшаларда педагоглардың 61 проценти, мәмлекетлик емес бақшаларда болса 76 проценти орта арнаўлы мағлыўматқа ийе екени кадрлар потенциалын буннан былай да арттырыў әҳмийетли мәселе екенин көрсетпекте.
Усы мүнәсибет пенен бүгинги презентацияда мектепке шекемги билимлендириў системасын жаңа басқышқа алып шығыў бойынша ислеп шығылған илажлар додаланды.

Соның ишинде, бир жыллық мектепке таярлаў топарларының билимлендириў бағдарламасы мәжбүрий улыўма орта билимлендириўдиң дәслепки басқышы сыпатында енгизиледи. Бунда балаларды мектеп билимлендириўине пуқта таярлаў, билимлендириўде үзликсизликти тәмийинлеў тийкарғы мақсет етип қойылған.
Мектепке шекемги билимлендириў системасында ойынға тийкарланған билимлендириў модели енгизилип, баланың тәбийғый қәбилети ҳәм қызығыўшылықларын есапқа алған ҳалда тәлим-тәрбия процеси шөлкемлестириледи. Алдынғы сырт ел тәжирийбелери тийкарында оқыў орталығы жаңаланады.
Сондай-ақ, “Жаңа әўлад” мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң тармағын қәлиплестириў режелестирилген. 2026-2028-жылларда ҳәр бир аймақта 120 орынлық “Жаңа әўлад” мәмлекетлик бақшалары ҳәм олардың қурамында Балаларды раўажландырыў инновациялық орайлары шөлкемлестириледи. Бул бақшаларда қосымша басшы ҳәм тәрбияшы-инструктор штатлары енгизилип, басшы ҳәм педагог хызметкерлерге тариф ставкасына салыстырғанда 20 процент муғдарында ҳәр айлық үстеме төленеди.
Мектепке шекемги ҳәм улыўма орта билимлендириў хызметлерин көрсетиўши мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлерине де бир жыллық мектепке таярлаў топарларын шөлкемлестириўге руқсат бериледи. Бул арқалы билимлендириў хызметлери базарында саламат бәсекини кеңейтиў ҳәм қамтып алыўды арттырыў мақсет етилген.
Кадрлар таярлаў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды. 2026-2027-оқыў жылынан баслап педагогикалық жоқары билимлендириў шөлкемлеринде мектепке шекемги ҳәм баслаўыш билимлендириў бағдарлары бойынша билимлендириў бағдарламалары халықаралық алдынғы тәжирийбелерге сәйкес түрде жетилистириледи. Соның менен бирге, әмелде ислеп атырған орта арнаўлы мағлыўматлы педагог кадрлар ушын дуал билимлендириў (“5+1”) тийкарында бакалаврлар таярлаў системасы енгизиледи.

2027-2028-оқыў жылынан баслап мектепке таярлаў топарларында тәлим-тәрбия алған балаларға мәмлекетлик үлгидеги электрон сертификат берилиўи, бул мағлыўматлар улыўма орта билимлендириў ҳаққындағы аттестатында жазылыўы нәзерде тутылмақта.
Презентацияда мектепке шекемги билимлендириў тараўында жеке меншик секторды қоллап-қуўатлаўға қаратылған жаңа жеңилликлер де додаланды.
Мектепке шекемги билимлендириў тараўында жеке меншик сектордың қатнасын кеңейтиў мақсетинде қамтып алыў дәрежеси 80 проценттен төмен болған район ҳәм қалаларда (Ташкент қаласынан тысқары) исбилерменлер ушын бир қатар қоллап-қуўатлаў илажлары енгизиледи.
Соның ишинде, мектеп ҳәм бақшалар аймағындағы бос жер майданларында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында бақшалар шөлкемлестирилгенде, ижара төлемлери 30 жылға шекем өндирилмейди. Сондай-ақ, ҳәр бир тәрбияланыўшы ушын мәмлекетлик бақшаларда бир балаға туўра келетуғын қәрежеттиң 50 проценти муғдарында субсидия ажыратылады. Бул тәртип 2024-жылдан шөлкемлестирилген мәмлекетлик емес бақшаларға да енгизиледи.
Қамтып алыў дәрежеси төмен аймақларда бақша ҳәм мектептен тыс жерлерде қуўатлылығы кеминде 150 орынлық мәмлекетлик емес бақшалар шөлкемлестирилсе, 7 жылға шекемги мүддетке 5 миллиард сумға шекем жеңиллетилген кредитлер ажыратылады. Соның менен бирге, тәрбияшыларға айлық мийнет ҳақы төлеў қәрежетлери мәмлекетлик бақшаларда белгиленген нормалар тийкарында үш жыл даўамында қаплап бериледи. Ҳәр 30 балаға бир тәрбияшы штаты есапланады.
Бул жеңилликлер жаңа көп квартиралы турақ жайлардың биринши қабатында шөлкемлестирилетуғын жеке меншик бақшаларға да енгизиледи.
Буннан тысқары, 2030-жыл 1-январьға шекем қуўатлылығы 150 орыннан кем болмаған мәмлекетлик емес бақшалар шөлкемлестирген исбилерменлер ушын социаллық салық ставкасы бойынша жеңилликлер бериледи.
Мәмлекетимиз басшысы усыныс етилген усынысларды ҳәр тәреплеме пуқта ислеп шығыў, оларды басқышпа-басқыш енгизиў ҳәм мектепке шекемги билимлендириўдиң сапасын арттырыў арқалы балалардың ҳәр тәреплеме раўажланыўы ушын беккем тийкар жаратыў әҳмийетли екенлигин атап өтти. Жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берилди.
ӨзА