Аўыл хожалығы министрлигинде жаңа тайынлаў

11

Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигинде гезектеги аппарат мәжилиси өткерилди.

Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары, Аўыл хожалығы министри Шуҳрат Тешаев, министрликтиң аппарат хызметкерлери, сондай-ақ, аўыл ҳәм суў хожалығы системасы бойынша жуўапкер басшы хызметкерлер ҳәм қәнигелер қатнасты.

Мәжилистиң күн тәртибине муўапық, тийкарынан шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды. Соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министриниң бос турған биринши орынбасары лаўазымына Анвар Халимбетовты тайынлаў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министриниң буйрығы оқып еситтирилди.

Усы буйрыққа муўапық, Анвар Халимбетов Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министриниң биринши орынбасары лаўазымына тайынланды.

Тайынлаўға шекемги ўақытта Анвар Халимбетов бир қанша жуўапкершиликли лаўазымларда жумыс ислеп келген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги