Ташкентте Дәстүрий көркем өнерлер мектебин шөлкемлестириў режелестирилмекте

Ташкент қаласында Уллы Британияның Патшалық қоры (The King’s Foundation) менен биргеликте Дәстүрий көркем өнерлер мектеби шөлкемлестирилиўи мүмкин. Оның статусы қосымша билимлендириў шөлкемине теңлестириледи.
Бул бойынша Ҳүкиметтиң тийисли қарарының жойбары жәрияланды.
Атап өтилиўинше, бул қарар дәстүрий ҳәм әмелий көркем өнер тараўында профессионал кадрлар таярлаў системасын шөлкемлестириў, академиялық ҳәм илимий алмасыўларға жәрдемлесиў, сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Уллы Британия арасында мәдений бирге ислесиўди және де раўажландырыўды нәзерде тутады.
Мектептиң тийкарғы бағдары миллий ҳәм халықаралық билимлендириў стандартларына муўапық дәстүрий ҳәм әмелий көркем өнер тараўында жоқары маманлықтағы қәнигелер таярлаўды тәмийинлеў болып есапланады.
Мектеп Ислам цивилизациясы орайы жанындағы Хаттотлық мектебиниң Ташкент қаласы, Алмазар районында жайласқан имаратына бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында жайластырылады,- деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги