Туризм – экономиканың жетекши тараўларынан бирине айланбақта

Республикамызда соңғы жыллары туризм тараўында үлкен өзгерислер жүз бермекте. Олар усы тараўдың раўажланыўына өз тәсирин көрсетпекте. Бул бағдарда алып барылып атырған илажлар елимиз басшысының турақлы дыққат-итибарында болып келмекте.
Атап айтқанда Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында быйылғы жылдың апрель айында аймақлардың туризм потенциалын арттырыў, сырт ел инвестиция жойбарларын жеделлестириў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси өткерилди. Президентимиз тәрепинен усы мәжилисте берилген тапсырмалар тийкарында Қарақалпақстан Республикасында 2025-жыл даўамында туризм тараўында әмелге асырылған жумысларды анализлейтуғын болсақ, төмендеги көрсеткишлерди бақлаўымыз мүмкин.
Быйылғы жылдың 10 айында 335 мыңнан аслам сырт елли туристлер республикамызға келген ҳәм туризм хызметлери экспорты 42,7 миллион долларды қураған. «Өзбекстан бойлап саяхат ет!» бағдарламасы шеңберинде аймақлар бойлап жергиликли 1 миллион 703 мың халықтың саяхатлары әмелге асырылған.
Туризм ҳәм оған жақын тараўлар бағдарында 124,5 миллиард сумлық жәми 37 инвестициялық жойбарлар әмелге асырылып, 100 ге шамалас жаңа жумыс орынлары жаратылған.
Аймақларда 2025-жылы 2 мийманхана, 12 хостел, 3 қара үй, 2 қонақ үйи жаңадан шөлкемлестирилди ҳәм ҳәзирги күнде өз жумысын баслады. Бүгинги күнде мийманхана ҳәм жайластырыў қураллары саны 100 ден асқан.
Туристлер ушын хызмет көрсетиўши 11 жаңа туроператор ҳәм 5 турагентлердиң жолға қойылыўы нәтийжесинде олардың саны республика бойынша 93 ке жеткен.
Туризм кәрханалары тәрепинен 2025-жылы 9 автобус ҳәм 8 жол таңламас алып келинип, жәми туризм класындағы транспорт қураллары 140 қа жеткерилди.
Республикаға туристлер ағымын көбейтиў ҳәм хызметлер сапасын жақсылаў мақсетинде Нөкис қаласында 3-5 жулдыз категориялы жаңа мийманхана қурылыс жумыслары алып барылмақта. “Pana hotel”, “Ratmina”, “Karakalpak palace hotel” мийманханаларына 3 жулдыз категориялы мийманхана сертификатлары берилди.
Буннан тысқары, исбилерменлер ҳәм халық арасында шаңарақлық мийман үйлерин шөлкемлестириў ҳәм олардың абзаллықлары ҳаққында үгит-нәсиятлаў жумыслары даўам еттирилмекте.

Сырт еллерде болып өткен абырайлы туризм көргизбелери, бизнес форумлар ҳәм ярмаркаларында республикамыздың туризм потенциалы кеңнен үгит-нәсиятланды. Атап айтқанда, 2025-жыл 12-21-июнь күнлери Қытай мәмлекетиниң Гонконг қаласында өткерилген “ITE Hongkong” халықаралық туризм көргизбесинде ҳәм “Қытайда Өзбекстан туризм жылы” шеңберинде Шенжен қаласында шөлкемлестирилген “road-shou”ларда Өзбекстанның үлкен туризм потенциалы, атап айтқанда, тарийхый ҳәм мәдений естеликлери, миллий дәстүр ҳәм үрп-әдетлери көрсетилди. Буннан тысқары 2025-жыл 17-июль күни Британияның “SandStone Global” компаниясы Өзбекстан менен биргеликте Қарақалпақстан Республикасында жайласқан Нөкис қаласында басланған жаңа “Treasures of Uzbekistan” жойбарын жаратыўға киристи. Сүўретке алыў топары И.В.Савицкий атындағы әпсанаўий көркем өнер музейи, гөззал Шылпық зардуштийлик мавзолейи, бизиң эрамызға шекемги VI-IV әсирлерде қурылған саўлатлы Хорезм қалалары менен танысып, оларды қызықлы саяхатқа алып шықты ҳәм аймақтың туризм потенциалы үгит-нәсиятланды.
Елимиздеги туристлер ушын жаратылған қолайлықлар, қәўипсизлик ҳәм келиўге арзыйтуғын жерлерден бири екенлиги халықаралық дәрежеде тән алынбақта. Усы мақсетте “Holiday Magazine” басылымының журналисти Йоҳан Ле Рокс, “Euronews” телеканалының сүўретке алыў топары, Уллы Британияның “Studio Lambert” медиакомпаниясы дөретиўшилик топарының Қарақалпақстан Республикасына сапары болып өтти. Өзбекстанның Уллы Британиядағы туризм брендиниң елшиси Софи Ибботсонның Weproject.media порталында республикамыздың туризм потенциалына байланыслы контенти жайластырылды.
Грузияның “Реформатикс” консалтинг компаниясы тәрепинен Өзбекстанда экономиканың тийкарғы драйвери сыпатында туризмди раўажландырыў дәрежесин арттырыў мақсетинде мәмлекеттиң туризм тараўын 2040-жылға шекем раўажландырыў стратегиясы жедел ислеп шығылмақта. Усы көзқарастан, туризм тараўында табысқа ерискен бир қатар мәмлекетлердиң тәжирийбеси үйренилип, ҳәзирги ўақытта Туризм комитети тәрепинен Грузияның “Реформатикс” консалтинг компаниясы менен биргеликте мәмлекетимиздиң ҳәр бир аймағы бойынша толық үйрениўлер алып барылмақта.
Тараўда санластырыўды жеделлестириў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасы тәрепинен “Karakalpakstan.travel” веб-сайтын жетилистириў бойынша тийисли шөлкемлер менен бирге ислесиў орнатылған. Веб-сайт турақлы түрде жаңаланып барылмақта.
Аймақтың туристлик потенциалын үгит-нәсиятлаў бағдарында усы жылдың өткен 9 айы даўамында Karakalpakstan.travel веб-порталы ҳәм Karakalpakstan.travel telegram, facebook ва instagram каналларында туризм потенциалына тийисли 492 контент қойылды. Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасында өткерилген илажлардан 36 видеороликлер исленип, социаллық тармақларда қойылды. ГИЗ шөлкеминиң улыўма баҳасы 10,3 мың АҚШ доллары болған Қарақалпақстан Республикасының улыўма туризм потенциалы ҳәм тарийхый (археологиялық) туризм, гастрономиялық туризм, экотуризм бағдарында туристлик реклама видео (фотосүўретлер) ислеп шығыў ушын және улыўма баҳасы 1,2 мың АҚШ доллары болған грант қаржыларын тартыў есабынан “Welcome to Karakalpakstan” брошюрасынан 700 дана, “Map of Karakalpakstan” буклетинен 800 дана басып шығарылды.
Усы дәўир ишинде жергиликли ҳәм сырт елли туристлерди тартыў мақсетинде республикамызда бир қатар халықаралық ҳәм республика көлеминдеги илажлар өткерилди. Атап айтқанда, “Өзбекстан бойлап саяхат ет!” сүрени астында “Welcome to Karakalpakstan” ишки туризм ярмаркасы, Халықаралық “Арал туризми ҳәптелиги” ҳәм ҳәптелик шеңберинде “Аралбойы жақсы нийет елшилери” халықаралық илимий-әмелий конференциясы, “Арал балықларынан 99 түрли тағам” гастрономиялық фестивалы, терек егиў акциясы ҳәм қызықлы концерт бағдарламалары, “Мойнақ ралли” экстремал автомото жарысы, “Арал теңизине поезд” кең көлемли жаслар экологиялық акциясы ҳәм 29-31-май күнлери Мойнақтың әпсаналық кемелер “қәбирстанында” “Стихия” электрон музыка, көркем өнер ҳәм илим фестивалы, Пүткил жер жүзилик шөлистанлық ҳәм қурғақшылыққа қарсы гүресиў күнине бағышланған “Aral Sea Eco Marathon” экстремал жуўырыў жарысы, “Аралға сапар” халықаралық автосаяхат жойбары, Қоңырат районында этно-гастро фестивалы ҳәм Үстирт тегислигинде жайласқан Барсакелместе “Жонар-Бурнинг ман” илажы, Елликқала районында “Саҳра ҳаўазы” фестивалы жоқары дәрежеде шөлкемлестирилди. Туризм ушын ең қолайлы ўақыт март-апрель айларында барлық аймақларда “Ишки туризм ярмаркалары” өткерилди.

Елликқала районы “Шарқ юлдузи” АПЖ аймағында “Ақшакөл” бойында 127 гектар жер майданында, Тахтакөпир районы “Дәўқара” АПЖ аймағында “Қаратерең” көли бойында 70 гектар жер майданында дем алыў ҳәм туризм орынларын шөлкемлестириў бойынша мастер режелери ислеп шығылды. Қоңырат ҳәм Мойнақ районын байланыстырыўшы Д231 (4Р173) “Қоңырат – Мойнақ” автомобиль жолының 51-52-км аралығында оңлаў жумыслары алып барылып, жаңадан асфальт қапламасы төселди. Әмиўдәря районы “Шылпық” археологиялық объектине алып баратуғын 2,5 км. ишки жолға асфальт қапламасы төселди. Сондай-ақ, Нөкис қаласы “Ашшыкөл” бойына алып барыўшы 2 км. ишки жолда оңлаў жумыслары алып барылды.
Елимизде туризм тараўында заманагөй бағдарлар ҳәм түрлерин жолға қойыў сырт елли туристлердиң санын арттырыўға, ишки ҳәм халықаралық туризмниң раўажланыўына, туристлердиң келиў географиясының кеңейиўине алып келеди.
М.ПИРНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы