Байрағымызға 34 жыл толыўы мунәсибети менен ушырасыў өткерилди

66

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы қабыл етилгениниң 34 жыллығы мүнәсибети менен Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен «Бир ел, бир Ўатан, бир байрақ» сүрени астында руўхый-ағартыўшылық илаж шөлкемлестирилди.

Илажды басқарма баслығының орынбасары В.Ерниязова ашып, жыйналғанларды қутлы сәне – Мәмлекетлик байрақ қабыл етилген күн менен қутлықлады. Ол өзиниң шығып сөйлеген сөзинде байрағымыздың миллий мақтаныш ҳәм ғәрезсизлик тымсалы сыпатында тутқан орнына, оның ҳәр бир ўатанласымыздың қәлбиндеги әҳмийетине тоқтап өтти.

Мәжилисте Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң юридика илимлери докторы С.Таңирбергенов қатнасып, мәмлекетлик байрақтың жаратылыў тарийхы, символикалық мәниси ҳәм бүгинги күндеги әҳмийети ҳаққында пикир-усыныслар билдирди.

Атап өтилиўинше, Мәмлекетлик байрағымыз халқымыздың әсирлик арзыў-нийетлери, мийнет сүйгишлиги, миймандослығы ҳәм ийгиликли мақсетлерин өзинде жәмлеген муқаддес тымсал болып есапланады. Бүгинги күнде ол елимиздеги барлық мәмлекетлик уйымлар, билимлендириў мәкемелери, халықаралық шөлкемлер ҳәм спорт жарысларында мақтаныш пенен желбиреп, елимиздиң абырайын, халқымыздың мақтанышын билдирип келмекте.

Илаж даўамында қатнасыўшылар қызықтырған сораўларына қәнигеден жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги