Авторлық ҳуқықтың әмел етиў мүддети қанша?

43

Ҳуқықый мүнәсибет

“Авторлық ҳуқықы ҳәм түрлес ҳуқықлар ҳаққында”ғы нызамда авторлық ҳуқыққа тийисли көплеген мағлыўматлар берилген. Онда автор дүньядан өткеннен кейин де оның авторлық ҳуқықы көп жыллар даўамында сақланып қалатуғыны көрсетилген.

Бул бойынша Юридикалық клиника хызметкери Айгерим Арипбаева төмендегилерди мәлим етти.

– “Авторлық ҳуқық ҳәм түрлес ҳуқықлар ҳаққында”ғы нызамның 35-статьясына тийкарланып авторлық ҳуқық автордың пүткил өмири даўамында ҳәм оның өлиминен кейин жетпис жыл даўамында әмел етеди. Усы статьяда ҳәм басқа нызамларда нәзерде тутылған жағдайлар буған кирмейди.

Биргеликте дөретилген шығармаға болған авторлық ҳуқық биргеликтеги авторлардың пүткил өмири даўамында ҳәм биргеликтеги авторлар арасында ең узақ жасаған ақырғы шахс қайтыс болғанынан кейин жетпис жыл даўамында әмел етеди.

Лақап астында ямаса имзасыз нызамлы түрде жәрияланған шығармаға болған авторлық ҳуқық шығарма жәрияланғаннан кейин елиў жыл даўамында әмел етеди. Егер көрсетилген мүддет ишинде лақап астындағы ямаса имзасыз шығарманың авторы өз шахсын мәлим етсе ямаса буннан былай оның шахсы гүманлы болмаса, усы статьяның биринши бөлиминде көрсетилген мүддетлер қолланылады.

Автордың өлиминен кейин биринши мәрте жәрияланған шығармаға болған авторлық ҳуқық шығарма жәрияланғаннан кейин жетпис жыл даўамында әмел етеди.

Авторлық ҳуқық, авторлық атына болған ҳуқық ҳәм автордың абырайын қорғаў ҳуқықы мүддетсиз қорғалады.

Шығармаға Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамаларына муўапық қорғаў берилген жағдайда, Өзбекстан Республикасы аймағында авторлық ҳуқықтың әмел етиў мүддети усы статьяға муўапық белгиленеди. Бирақ бул мүддет шығарма келип шыққан мәмлекетте белгиленген авторлық ҳуқықтың әмел етиў мүддетинен асып кетпеўи керек.

Усы статьяда нәзерде тутылған мүддетлерди есаплаў мүддеттиң өте баслаўы ушын тийкар болатуғын юридикалық факт жүз берген жылдан келеси жылдың биринши январынан басланады.

Гулноза Бобоева, ӨзА