Медицина хызметкерлериниң мийнети – саламат жәмийет тийкары

Мәмлекетимизде ноябрь айының екинши екшембиси денаўлық сақшылары болған Медицина хызметкерлери күни сыпатында кеңнен белгиленип, тараў пидайыларына сый-ҳүрмет көрсетиледи.
Қарақалпақстан Республикасы АИЖСқа қарсы гүресиў орайында усы сәне мүнәсибети менен салтанатлы байрам илажы болып өтти.
Онда орай бас шыпакери Джамила Мадреймова, кәсиплик аўқам шөлкеми баслығы Гүлайым Хабиповалар илаж қатнасыўшыларын кәсиплик байрам менен қутлықлап, соңғы жыллары елимизде Ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы пәрман ҳәм қарарлары тийкарында медицина тараўында әмелге асырылып атырған реформаларды мақтаныш пенен атап өтти ҳәм бул қолайлықлардан нәтийжели пайдаланыў зәрүрлигине тоқталды.
Байрам илажында орайда көп жыллардан бери ислеп киятырған тараў алдынғыларына орайдың Ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалары салтанатлы түрде тапсырылды.


Өз гезегинде сыйлықланғанлар да өзлерине көрсетилген ҳүрмет-иззет ушын шөлкемлестириўшилерге миннетдаршылықларын билдирип, тараўдың раўажланыўы жолында еле де аянбастан хызмет ете беретуғынлығын айтып өтти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги