Тараў пидайыларына ҳүрмет көрсетилди

50

Қараөзек районында «Медицина хызметкерлери  күни» мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти.

Байрам илажына район басшылары, медицина тараўы хызметкерлери ҳәм нураный шыпакерлер қатнасты.

Байрам салтанатында район ҳәкими А. Баймуратов шығып сөйлеп, Соңғы Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен тараўға қаратылған кең имканиятларға тоқтап өтти ҳәм халықтың саламатлығын қорғаў, денсаўлықты сақлаў тараўында саламат турмысты қәлиплестириў сыяқлы әҳмийетли ўазыйпаларды атқарыўдай машақатлы ҳәм мақтанышлы кәсип ийелерин бүгинги кәсиплик байрамы менен қутлықлады.

Буннан соң, бир қатар тараў басшылары менен нураный шыпакерлер илаж қатнасыўшыларын байрам менен қызғын қутлықлап, өзлериниң өмир тәжирийбелерин жасларға айтып берди.

Сондай-ақ, өткерилген илаж даўамында тараўда көп жыллар даўамында пидайылық пенен мийнет еткен тәжирийбели тараў хызметкерлерине район ҳәкимлиги ҳәм медицина бирлеспеси тәрепинен таярланған Ҳүрмет жарлықлар менен естелик саўғалар салтанатлы түрде тапсырылды.

Байрам илажы районлық мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги