Социаллық тармақлар инсан турмысының ажыралмас бөлеги

Сыр емес, бүгинги күнге келип, социаллық тармақлар инсан турмысының ажыралмас бөлегине айланып үлгерди. Шексиз көринетуғын бул майданда қәлеген тараўға тийисли контентлер табылады, әлбетте. Бәлким, сол себепли де газета, журнал оқыўшылары азайып бармақта. Бирақ мәселениң және бир тәрепи бар, интернет тармақларында жәрияланып атырған материаллар қаншелли сапалы?
Бүгин көпшилик адамлардың социаллық тармақларда жеке бетлери бар. Олардың өзине жараса оқыўшылары да бар, әлбетте. Тек ҳәммеде де массалық мәденият қәлиплескен бе екен? Бийкарға буған итибар берип атырғанымыз жоқ. Себеби, инсан санасы турақлы түрде қәлиплесип барады.
Тилекке қарсы, айырым жағдайларда ғалаба мәдениятсызлар тәрепинен адамлардың санасына зәҳәр сеўип атырғанының гүўасы болмақтамыз. Бул болса жәмийетте пытыраңқылықтың күшейиўи, өз-ара ҳүрметсизликтиң артыўына алып келеди. Соның ушын социаллық тармақ пайдаланыўшыларынан оғада сергеклик талап етиледи.
Себеби, ҳәр бир жәрияланып атырған интернет материалына адамда дурыс мүнәсибет қәлиплесиўи керек. Онда алға қойылып атырған идеялардың қаншелли тийкарланғанлығы, келтирилген анық дерегине әлбетте итибар бериў әҳмийетли.
Улыўма алғанда ғалабалық саўатлылықты арттырыў жолында бәринен бурын, майданға шығып атырған, ғалабалыққа даўагерлик етип атырғанлардан өз үстинде тынымсыз ислеўи, контенттиң сапасына айрықша әҳмийет қаратыўы талап етиледи. Сонда ғана мәмлекетимиз басшысы алға қойып атырған миллий тилеклеслик ҳәм руўхый жетилисиўге ерисиўимиз мүмкин.
Қуўанышлы тәрепи, буны аңлаған ҳалда интернет майданында өз жеке бетлерин жаратып атырған зыялылардың саны артып бармақта. Бул болса ҳәўескерлер ушын әҳмийетли мектеп, бақлаўшылар ушын болса исенимли ҳәм сапалы майдан болады.
Шербек Исломов, ӨзА