Отставкадағы генерал – полковник Рустам Ўрмонович Аҳмедовтың қайтыс болыўына байланыслы кеўил билдириў

Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң белгили ўәкили, мәмлекетимиздиң биринши қорғаныў министри, отcтавкадағы генерал-полковник Рустам Ўрмонович Аҳмедов быйыл 12-октябрь күни 82 жасында қайтыс болды.
Р.Аҳмедов 1943-жылы 10-ноябрьде Ферғана ўәлаятының Бағдад районында туўылды. Орта мектепти тамамлаганнан соң дәслеп Ташкент жоқары танк командирлик оқыў орнында, кейин Москва қаласындағы Полатқа қапланған танк армиялары әскерий академиясында билим алды.
Пүткил өмирин әскерий тараўға бағышлаған Р.Аҳмедов танк полкында взвод командири, танк дивизиясы сиясий бөлими баслығының жәрдемшиси, танк дивизиясы батальоны командириниң сиясий ислер бойынша орынбасары, Ташкент жоқары танк сәркардалық билим журты курсантлар батальоны командириниң орынбасары лаўазымларында хызмет етип, жеке қурамды басқарыў, оның әскерий, физикалық ҳәм руўхый таярлығын арттырыў бойынша жетерли билим ҳәм тәжирийбе арттырды.
Ташкент жоқары танк сәркардалығы, Самарқанд жоқары әскерий автомобиль сәркардалығы ҳәм Ташкент жоқары улыўма әскерий сәркардалық билим журтларында басшылық лаўазымларында ислеген жылларында оның шөлкемлестириўшилик қәбилети айқын көринди.
Ўатанымыз ғәрезсизликке ерискеннен соң Р.Аҳмедов Өзбекстан Республикасы қорғаныў министри, ҳәзирги ўақытта белгили мүддет Миллий гвардия сәркардасы ўазыйпасын атқарыўшы сыпатында белсенди жумыс алып барып, миллий армиямызды қәлиплестириў, мәмлекетимиздиң қорғаныў системасын қурыў, әскерий кадрларды таярлаў жолында жанкүйерлик көрсетти. Қорғаныў министрлигиниң Бас штабы қайта шөлкемлестирилип, Қураллы Күшлер Бирлескен штабына айландырылды, әскерий округлер дүзилди, әскерий бөлимлердиң жайласыўы ҳәм басқарыў системасы жетилистирилди. Қорғаныў министрлигиниң басқа күш структуралары менен бирге ислесиўин беккемлеў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылды.
Р.Аҳмедов 1997-1998-жыллары Өзбекстан Республикасы айрықша жағдайлар министри лаўазымында да нәтийжели жумыс алып барды.
Ҳүрметли генерал, үлкен жаста болыўына қарамастан, Жаңа Өзбекстанда Қураллы Күшлерди модернизациялаў, әскерий хызметкерлердиң жаўынгерлик ҳәм руўхый таярлығын арттырыў бағдарындағы үлкен реформаларды әмелге асырыўда қорғаныў министриниң кеңесгөйи сыпатында өзиниң бай билим ҳәм тәжирийбеси менен белсене қатнасты. Қайсы лаўазымда хызмет етпесин, әскерий антына садық қалып, өзине жүкленген ўазыйпаларды жуўапкершилик ҳәм мақтаныш пенен орынлады, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда жеке үлги көрсетти.
Р.Аҳмедовтың әскерий тараўдағы хызметлери мәмлекетимиз тәрепинен мүнәсип сыйлықланды. Ол Өзбекстан Республикасының II дәрежели “Шон-шараф” ҳәм “Дўстлик” орденлери менен сыйлықланған.
Белгили әскерий сәркарда, кеңпейил ҳәм кишипейил инсан Рустам Аҳмедовтың естелиги кеўиллеримизде мәңги сақланып қалады.
Ш.Мирзиёев, Т.Норбоева, Н.Исмоилов,
А.Арипов, В. Махмудов, Ш. Халмухамедов