Тараўдың турақлы өсиў тенденциясы

162

Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен жерлерди өзбасымшалық пенен ийелеў хәм ҳүжжетсиз имарат қурыў жағдайларын анықлаў бойынша быйылғы жылдың 9 айы даўамында 3271 жағдайда 283,7 гектар жер орынлары өзбасымшалық пенен ийеленгени анықланған. Соннан, 1974 гектарда 147,8 жағдай сапластырылып, 1208 жағдай (119,2 гектар) бойынша суд уйымларына даўа арзасы киргизилген ҳәм 68 жағдай (5,7 гектар) бойынша ҳүжжетлер прокуратура уйымларына  жиберилген.

– 2025-жылдың өткен 9 айы даўамында Мәмлекетлик кадастрлар палатасы  Қарақалпақстан Республикасы басқармасы және оның аймақлық филиалларына көшпес мүлкке кадастр паспорт рәсмийлестириў ушын 69 мың 177 арза келип түсип, соннан, 40 мың 468 жер участкасы ҳәм көшпес мүлкке кадастр паспорты таярлап берилди, – дейди усы басқарманың бас қәнигеси П.Әжимуратов.

Кадастр ҳүжжетлерин таярлаў бойынша ең көп мүрәжат Нөкис қаласы турғынларынан келип түскен.

Сондай-ақ, Төрткүл районында кадастр ҳүжжетлерин қәўипсиз хәм сапалы сақлаў мақсетинде 25 дана мобиль стелажлар орнатылған болып 2025-жылдың режесине бола, Беруний, Елликқала районлары филиалларының архив ханаларына да мобиль стелаж орнатыў режелестирилмекте.

Исбилерменлик ҳәм қала қурылысы жумысларын әмелге асырыў ушын жер участкаларын мүлк ҳуқықы ҳәм ижара ҳуқықы тийкарында электрон онлайн-аукцион арқалы бериў бойынша, жәми 4398 жер участкаcы бағдарламаға киргизилген.

Соннан, жәми 223,32 гектарлық 2215 жер участкасы “E-auksion” саўда майданшасында сатыўға қойылып, 161 жер участкасы реализацияланған.

Жеке тәртипте турақ жай қурыў ҳәм турақ жайын абаданластырыў ушын жер участкаларын мүлк ҳуқықы тийкарында электрон онлайн-аукцион арқалы реализациялаў бойынша, жәми 1976 жер участкасы бағдарламаға киргизилген.

Соннан, 991 участка аукционда сатыўға шығарылған, 154 жер участкасы “E-auksion” да реализацияланған.

Көшпес мүлкке болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериў мақсетинде Мәмлекетлик кадастрлары палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасына юридикалық ҳәм физикалық тәреплерден 9 ай даўамында 95 мың 383 арза келип түсип, соннан 64 мың 132 арзаға тийкарланып мүлкке болған ҳуқықлар мәмлекетлик дизимнен өткерилген.

Бул бағдардағы жумыслар нәтийжели даўам етпекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги