Шийки заттан таяр өнимге шекемги процесслер бақланды

Аўыл хожалығы министрлиги баспасөз хызмети Елликқала районы ҳәкимлигиниң баспасөз хызмети менен биргеликте усы райондағы “Бостан” кластери ҳәм “Амиробод жайрони” инновациялық пахта-ғәлле кластерлериниң жумысы менен жақыннан таныстырыў мақсетинде ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын пресс-тур шөлкемлестирди.
Илаж даўамында журналистлер дәслеп “Бостан” кластери ЖШЖ пахта тазалаў заводының жумыслары ҳәм өндирис процесслери менен танысты.
Ҳәзирги ўақытта елимиздиң аўыл хожалығында ең жуўапкершиликли дәўир – пахта зүрәәти жыйын-терими мәўсими өтпекте. Усы мүнәсибет пенен өткерилген пресс-тур даўамында ҒХҚ ўәкиллери районың экономикалық жүреги есапланған “Бостан” кластери ЖШЖ жумысларын ҳәр тәреплеме үйренди.
“Бостан” кластери пахтаны жетистириўден баслап, оны тазалаў, жип, гезлеме ҳәм таяр кийим-кеншек тигиўге шекемги толық өндирис шынжырына ийе. Журналистлер кластердиң талшық таярлаў цехлары ҳәм заманагөй тигиў машиналары менен үскенеленген тигиўшилик фабрикасында болып, ҳәр түрли сапалы өнимлер таярланып атырған процессти бақлады.
Медиа-турдың гезектеги мәнзили “Амиробод жайрони” инновациялық пахта-ғәлле туқымгершилик кластери болды. Журналистлер бул жерде туқымгершилик бағдарына илимий қатнас, сапа қадағалаў системасы ҳәм заманагөй агротехнологиялардың қолланылыўын көрди.
Илаж даўамында журналистлер өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги