Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигиниң билдириўи:

144

Өзбекстан Республикасы АҚШ Президенти Дональд Трамптың тиккелей жәрдеминде Газа секторында оқ атыўды тоқтатыў ҳәм гиреўге алынғанларды азат етиў бойынша ерисилген келисимди қоллап-қуўатлайды.

Египет, Қатар ҳәм Түркияның бул әҳмийетли процесстеги муўапықластырылған жумысын ҳәм олардың әҳмийетли ролин жоқары баҳалаймыз. Бул ҳәрекетлер зорлықты тез пурсатта тоқтатыў, гуманитарлық кризисти жеңиллетиў ҳәм сиясий қарым-қатнасты тиклеў ушын тийкар жаратпақта.

Өзбекстан бәрқулла халықаралық ҳуқық нормалары ҳәм БМШ Қәўипсизлик Кеңесиниң резолюциялары тийкарында Жақын Шығыста беккем ҳәм әдалатлы тынышлық орнатылыўын қоллап-қуўатлайды.

Оқ атыўды тоқтатыў ўақтынша илаж емес, ал тәреплер арасында қәўипсизликти тәмийинлеў, турақлы аўызбиршиликти орнатыў ҳәм өз-ара исенимди тиклеўге қаратылған узақ мүддетли сиясий шешимге қарай әҳмийетли қәдем болатуғынына исенемиз.

Өзбекстан Республикасы Жақын Шығыста тынышлық, турақлылық ҳәм гуманитарлық жеңилликти тәмийинлеўге қаратылған халықаралық ҳәрекетлерге конструктивлик үлес қосыўға таяр екенин және бир мәрте тастыйықлайды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги