Зорлыққа қарсы гүрес — әдиллик ҳәм инсаныйлық өлшеми

Ҳәр қандай демократиялық мәмлекеттиң тийкарғы ўазыйпаларынан бири – инсан ҳуқықлары, әсиресе, ҳаял-қызлар ҳәм балалардың ҳуқықлары менен мәплерин исенимли қорғаўдан ибарат. Зорлық ҳәм күш көрсетиў – тек ғана адамға емес, ал пүткил жәмийетке қарсы жынаят есапланады.
Сонлықтан Өзбекстанда ҳаял-қызларға болған зорлық жағдайларының алдын алыў, жәбирлениўшилерди қорғаў ҳәм бундай жағдайларды кескин азайтыў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдары сыпатында белгиленген.
Соңғы жыллары мәмлекетимизде зорлыққа қарсы гүресиў бағдарында әҳмийетли ҳуқықый тийкарлар жаратылды. Атап айтқанда, 2019-жылы қабыл етилген “Ҳаял-қызларды күш көрсетиў ҳәм зорлықтан қорғаў ҳаққында”ғы нызам, сондай-ақ, Жынаят кодексине, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске киргизилген тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар зорлықты жынайый қылмыс сыпатында белгиледи.
Нызамға муўапық, зорлық тек физикалық емес, ал психологиялық, экономикалық ямаса жынысый көринисте де болыўы мүмкин. Бул болса, жәмийеттеги көп жыллық стереотиплерди сапластырыў ҳәм ҳәр қандай басым түрин ҳуқықый жақтан баҳалаў имканиятын береди.
Мәмлекет дәрежесинде “Ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын тең ҳуқық ҳәм имканиятлар кепилликлери ҳаққында”ғы нызам, “Гендер теңликти тәмийинлеў стратегиясы” ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған бир қатар бағдарламалар әмелге асырылмақта. Бул басламалар тек ғана ҳуқықый емес, ал социаллық-руўхый турақлылықты тәмийинлеўге хызмет етеди.
Судлар тек ғана жаза тайынлайтуғын уйым емес, ал инсан қәдирин тиклейтуғын, жәмийетте әдиллик сезимин беккемлейтуғын институт болып есапланады. Зорлық жағдайларына байланыслы ислерди көрип шығыўда, судьялар жәбирлениўши шахстың ҳуқықларын, оның қол қатылмаслығын ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратады.
Соңғы жылларда суд әмелиятында зорлық ислери бойынша қорғаў ордерлери берилиўи, зорлық ислеген шахсты белгили бир мүддетке жәбирлениўши менен сөйлесиўден шеклеў әмелияты жолға қойылды. Бул болса, зорлықтың тәкирарланыўының алдын алыўда нәтийжели ҳуқықый механизм сыпатында өзин ақламақта.
Бирақ, зорлыққа қарсы гүресиў тек суд ямаса ҳуқық қорғаў уйымларының ўазыйпасы емес, ал, пүткил жәмийеттиң руўхый ҳәм пуқаралық миннети.
Егер, ҳәр бир пуқара өз әтирапындағы зорлық жағдайларына бийпәрўа болмаса, жәбирлениўшиге жәрдем бериўди инсаныйлық ўазыйпасы деп билсе, биз тек ғана нызам менен емес, ал инсап ҳәм ҳүждан менен де жынаятларға қарсы тура аламыз.
Зорлық – бул тек ғана бир инсанның емес, ал пүткил шаңарақтың, ҳәттеки, әўладлардың тәғдирине унамсыз тәсир ететуғын иллет болып есапланады. Соның ушын оның алдын алыўда билимлендириў мәкемелери, мәҳәлле системасы, мәмлекетлик емес шөлкемлер ҳәм ғалаба хабар қуралларының бирге ислесиўи үлкен әҳмийетке ийе.
Әдиллик ҳәм адамгершилик – ҳәр бир жәмийеттиң тиреги. Зорлыққа қарсы гүресиўде ең үлкен күш – нызам үстинлиги ҳәм жәмийетшиликтиң жуўапкершилик сезими болып есапланады.
Азат Сейтанов,
Жынаят ислери бойынша Елликқала районлық судының тергеў судьясы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги