РФ президенти Владимир Путин 2024-жыл декабрь айында апатшылыққа ушыраған Azerbaijan Airlines (AZAL) самолётына Россияның ҳаўа қорғаныў ракеталары зыян жеткергенин тән алды.

157

“Бундай жағдайларда, әсиресе, бундай аянышлы жағдайларда талап етилетуғын барлық илажлар Россия тәрепинен көриледи. Компенсациялар мәселеси шешиледи ҳәм барлық лаўазымлы шахслардың ҳәрекетлерине ҳуқықый баҳа бериледи”, – деди Путин.

Әзербайжан басшысы И.Әлиев буған жуўап ретинде Путинге AZAL самолёты ҳаққында толық мағлыўмат бергени, сондай-ақ, Россия президенти апатшылық себеплерин анықлаўды өз қадағалаўы астында услап турғаны ушын миннетдаршылық билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги