Пидайы тренер-устазлар сыйлықланды

91

Бүгин Нөкис қаласында жайласқан Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Қарақалпақстан Республикасы Спорт министрлигиниң шөлкемлестириўинде 1-октябрь Муғаллимлер ҳәм устазлар күнине бағышланып, байрам кешеси болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Спорт министри Е.Қутыбаев шығып сөйлеп қатнасыўшыларды байрам менен қутлықлады. Ол өз сөзинде Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев тәрепинен елимизде спорт тараўын раўажландырыўға қаратылып атырған итибар, мәмлекетимиз спортшыларының қолға киргизип атырған табыслары ҳәм бунда тараўда жумыс алып барып атырған пидайы устаз-тренерлердиң хызмети уллы екенлиги ҳаққында атап өтти.

Байрам кешесинде көп жыллар даўамында спорт тараўында жемисли хызмет етип киятырған бир топар хызметкерлер, нураный спортшылар ҳәм жаслар Өзбекстан Республикасы Спорт министрлиги тәрепинен «Дене тәрбия ҳәм спорт ағласы» көкирек белгиси ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Спорт министрлигиниң Миннетдаршылық хатлары менен сыйлықланды.

– Бул байрам кешесинде «Дене тәрбия ҳәм спорт ағласы» көкирек белгиси менен сыйлықландым, – дейди Мойнақ районы спорт мектеби директор орынбасары А. Көпжурсинова. – Бизге көрсетилген бул хошамет бизлерди және де алға қарай умтылдырады. Буның ушын министрлик басшыларына үлкен рахмет айтаман.

Илаж республикамызға белгили көркем өнер шеберлери тәрепинен таярланған саз-сәўбетли концерт бағдарламасы менен оғада кеўилли өтти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы