Албания жасалма интеллектти министр етип тайынлаған дүньядағы биринши мәмлекет болды

64

ЖИ-бот коррупцияға қарсы гүресиў министри ўазыйпасын атқарады, деп жазбақта Reuters.

«Албания Бас министри Эди Раманың мәлим етиўинше, жасалма интеллект жәрдеминде жаратылған виртуал министрдиң аты Диэлла болып, ол барлық мәмлекетлик сатып алыўлар ушын жуўап береди.

Эди Рама Диэлла албан тилинен аўдарғанда “қуяш” деген мәнисти аңлататуғынын, ол ҳүкимет түрли жойбарлар бойынша жеке меншик компаниялар менен шәртнамалар дүзетуғын барлық мәмлекетлик тендерлерди басқаратуғынын ҳәм жеңип шығатуғынын айтты.

Диэлла – Министрлер Кабинетиниң физикалық жақтан бар болмаған, ал виртуал түрде жасалма интеллект тәрепинен жаратылған биринши ағзасы, – деп атап өтти Бас министр жаңа кабинеттиң презентациясында шығып сөйлеген сөзинде. Оның сөзлерине бола, ол Албанияны “мәмлекет тендерлери коррупциядан толық жырақ болған мәмлекет”ке айландырыўға жәрдем береди.

Ҳүкимет робот үстинен инсан тәрепинен қандай қадағалаў әмелге асырылыўы мүмкинлиги ҳаққында толық мағлыўмат бермеди ҳәм кимдур жасалма интеллект-ботты манипуляциялаўы мүмкинлиги қәўиплерин көрип шықпады», делинеди хабарда.

Қарақалпақстан хабар агетлиги