UzCard хызметинде машқалалар басланғанлы берли Орайлық банк ўәкиллери тәрепинен бағдарламалық тәмийинлеў бойынша қәнигелер менен биргеликте төлеў системасы хызметин тиклеў бойынша жәрдем берилмекте. Бул ҳаққында Орайлық банктиң баспасөз хызметине тийкарланып Daryo.uz хабар бермекте.
Ҳәзир системаны тиклеў бойынша биринши басқыш жуўмақланды – төлеў карталарындағы қалдықлар ҳаққындағы мағлыўматлар базасы тикленди. Екинши басқыш – төлеў терминаллары хызметин тиклеў күн даўамында әмелге асырылады.
Пуқаралар зәрүрлик болған жағдайда нақ пул ушын хызмет көрсетиўши банклерге мүрәжат етиўи мүмкин. Буның ушын ҳәзир карта ашылған банк филиалларына барыў керек (терминаллар хызмети тикленгеннен кейин ҳәр қандай банктиң қәлеген филиалына мүрәжат етиўге болады). Орайлық банк тәрепинен коммерциялық банклер менен биргеликте мәмлекеттиң барлық аймақларындағы филиалларды нақ пул менен тәмийинлеў бойынша жумыс алып барылды.
Орайлық банк жүз берген жағдай итибарсыз қалмайтуғынлығын билдирди. Орайлық банктиң турақлы жумыс ислеўин тәмийинлеў мақсетинде төлеў системалары хызметин қадағалаў ҳәм муўапықластырыў бойынша нызамшылыққа ҳуқық ҳәм миннетлемелер менен тәмийинлеўши өзгерислер киргизиледи.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.