Өзбекстан Орайлық Азия регионында медиация келиспеўшиликлерин шешиўде регионаллық хабқа айландырылады

Сингапур Халықаралық медиация орайының басшысы Жорж Лим Өзбекстан Әдиллик министрлигине келди.
Әдиллик министри Акбар Тошқулов пенен ушырасыўда мәмлекетимизде келиспеўшиликлерди шешиўдиң заманагөй механизмлерин раўажландырыў, соның ишинде, медиция институтын жетилистириў бойынша алып барылып атырған реформалар ҳаққында сөз болды.
Соның ишинде, келиспеўшиликлерди тыныш жол менен шешиўде медиация институты барған сайын кеңнен қолланылып атырғаны атап өтилди. Медиацияның абзаллықлары сыпатында жумыслардың тезирек, арзанырақ ҳәм қатнасыўшылар ушын аз стрессли болатуғыны атап өтилди.

Медиаторлардың маманлығын арттырыў ҳәм оларды аккредитациядан өткериў системасын енгизиў, банк, қамсызландырыў сыяқлы тараўларда медициядан пайдаланыў көлемин кеңейтиў, Сингапур тәжирийбесин үйрениў тийкарында электрон платформа енгизиў, Сингапур конвенциясына қосылыў ҳаққында пикир алысты.
Мәмлекетимизде 2021-жылы 4,8 мың ис медиация арқалы шешилген болса, 2024-жылы бул көрсеткиш 7,2 мыңға жеткенин атап өтиў керек.

Бул бағдардағы жумысларды және де жақсылаў ушын Сингапурдағы медиаторлар таярлаў орайлары менен биргеликте Өзбекстанның 20 дан аслам медиаторлары халықаралық стандартларға муўапық қайта таярланады. Ташкент медиация орайының регламент, реже ҳәм кодекслери жетилистириледи.
Өзбекстанды Орайлық Азия регионында медиация келиспеўшиликлерин шешиўде регионаллық хабқа айландырыў бойынша тийисли илажлар көриледи.
Айырым халықаралық келиспеўшиликлер бойынша медиация ислери Ташкент медиация орайында көрип шығылады.
“Tashkent Law Spring” халықаралық юридикалық форумы шеңберинде халықаралық медиация ҳәптелиги өткериледи.
Сингапур Халықаралық медиация орайы менен бирге ислесиў бойынша келисим меморандумына ҳәм жол картасына қол қойылады.
Ж.Лим медиация тараўында тығыз бирге ислесиўге унамлы көзқарасын, усы жерде бул мәселеде жеке өзи әмелий жәрдем көрсетиўге таяр екенин билдирди.
Бул ушырасыў халықаралық тәжирийбе алмасыў, нызамшылықты жетилистириў ҳәм Өзбекстанда медиация мәдениятын раўажландырыў жолында әҳмийетли қәдем болды.
ӨзА