Кәрхананың дүнья базарларына шығыўына жәрдем көрсетилмекте

198

Мәмлекетимизде биргеликте исбилерменлик жумысын әмелге асырыў тилегин билдирген сырт ел инвесторлары ушын қолайлы инвестициялық орталық жаратылған болып, Қараөзек районында да сырт ел инвесторларының қатнасыўында жылына 350 тонна таяр тоқымашылық өнимлерин ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе үлкен жойбар жумыс алып бармақта.

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының жуўапкерлери усы кәрханада болып, ислеп шығарылған өнимлерди экспортқа бағдарлаў бойынша нызамшылық талапларын түсиндирип, жол-жоба берди ҳәм келешекте сырт мәмлекеттен алып келинген шийки затты қайта ислеп, реэкспорт етиўде “Бажыхана аймағында қайта ислеў” бажыхана режими абзаллықлары түсиндирилди.

Ҳәзирги ўақытта бул жерде 215 жергиликли ҳаял-қыз турақлы жумыс орны менен тәмийинлеген болып, жойбардың толық қуўатлылықта иске түсирилиўи менен улыўма есапта 400 жумыс орны жаратылады.

Бул 1,5 гектар майданда қурылған кәрхана Қытай, Түркия ҳәм Германия мәмлекетинен алып келинген халықаралық стандартларға жуўап беретуғын заманагөй жоқары технологиялық үскенелер менен тәмийинленген. Өткен жыллар даўамында 480 мың АҚШ долларына тең болған жәми 243 дана “Текстиль әсбап үскенелери” ушын Салық ҳәм Бажыхана кодекслерине тийкарланып жәми 705 млн. сумлық бажыхана төлемлеринен жеңиллик қолланылған.

Жылына 2 миллион дана трикотаж өнимлери – кийим кеншеклер ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе кәрхана тәрепинен дүнья базарларына футболка өнимин экспорт етиў бойынша келисимлер алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.