Ғайратлы кекселер футбол майданында беллести

222

Кегейли районында «Ғайратлы кекселер» сүрени астында кекселер арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, оларды физикалық белсендиликке тартыў мақсетинде, спорттың мини-футбол түринен жарыс шөлкемлестирилди.

Жарысқа районның барлық аймақларынан командалар қатнасып, олар жеңимпазлық ушын өз-ара гүрес алып барды.

Қызықлы өткен жарыс жуўмағында, биринши орынды Мәденият мәкан пуқаралар жыйыны командасы жеңип алыўға миясар болды.

Сыйлы екинши ҳәм үшинши орынлар Гүжим терек ҳәм Жылўанжап мәкан пуқаралар жыйынларынан келген командаларға несип етти.

Жарыс соңында, жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.