Еркиндәрьялы балалар жаңа бақшада тәрбияланбақта

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң 2023-жыл 30-марттағы Қарақалпақстанға келген сапары даўамында, халқымызды қыйнап киятырған машқалаларды унамлы шешип бериў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилген еди. Соның ишинде республикамыздың 9 районында мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин жаңадан қурыў белгиленди.


Солардың арасында Бозатаў районы Еркиндәрья аўыл пуқаралар жыйыны орайында жайласқан 5-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми бар еди.
-Шөлкемимиз бурын балалар бақшасына бейимлестирилген имаратта жайласқан еди,-дейди 5-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми директоры Насиба Исмайылова.-Бақшамызда балалардың заман талабына сай тәлим-тәрбия алыўы ушын қолайлық жоқтың қасында еди. Ҳүрметли Президентимиздиң елимиздиң ертеңги келешеги болған жасларға қаратып атырған итибары ҳәм аталарша ғамқорлығының арқасында аўылымыз орайынан еки қабаттан ибарат, барлық қолайлы шараятларға ийе жаңа имарат қурып берилип, жәмәәтимиз бенен биргеликте оған 2025-жылдың январь айында көшип өттик. Ҳәзирги ўақытлары педагог-хызметкерлеримиз өзлерине жаратылған кең имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, 115 балаға белгиленген талапларға сай тәрбия бермекте. Халқымызға ислеп атырған жақсылықлары ушын мәмлекетимиз Президенти ҳәм район басшыларына терең миннетдаршылық билдиремиз.



Шынында, бурын 60 бала тәлим-тәрбия алған бул балалар бақшасы жаңа имаратқа көшип өткеннен соң, бул жерде тәрбияланыўшылар саны көбейип, олар 115 балаға жетти. Бақшада арнаўлы педагог-тәрбияшылар тәрепинен балаларға дене тәрбиясы, инглис тили, сүўрет салыў, жазыў сабақлары өтилип, олар мектеплерде оқыў ушын таярланбақта.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.