Орынларда социаллық қорғаў мәселелери шешилмекте

206

Беруний районындағы “Инсан” социаллық хызметлер орайының баслығы Ф.Примов жақында Бунёдкор ҳәм Бостан мәкан пуқаралар жыйыны турғынлары менен ушырасты. Ушырасыўда халықтың социаллық қорғаўға байланыслы мәселелери үйренилип, оларға әмелий жәрдем ҳәм түсиниклер берилди. Мәҳәллениң өзине тән машқалалары бойынша толық мағлыўматлар жыйналып, оператив түрде шешилетуғын мәселелер белгилеп алынды, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.

Бул ушырасыў даўамында, Ф.Примов ҳәм социаллық хызметкерлер халықтың социаллық қорғаўға байланыслы мүтәжликлерин тыңлап, олардың машқалаларын шешиў бойынша көрсетпелер берди. Социаллық хызметкерлерге жүкленген ўазыйпалар мәҳәлледе жасайтуғын пуқараларға тиккелей жәрдем көрсетиў, олар менен ислесиў ҳәм тийисли ҳуқықый мәсләҳәтлер бериўден ибарат.

Бундай ушырасыўлар халық пенен тиккелей сөйлесиў орнатыў, бирге ислесиў ҳәм мәҳәллелердиң социаллық қорғалыўын күшейтиў мақсетинде даўам еттириледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги