Жала ҳәм кемситкени ушын жуўапкершилик белгиленди

237

Жала жабыў, кемситиў сыяқлы жағдайлар ушын жуўапкершилик белгиленди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлиги хабар берди.

Тийисли нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске ҳуқықбузарлықлар ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликти бийкарлаўға қаратылған айырым өзгерислер киргизилди.

Ендигиден былай автомат телефонларды зыянлағаны, руқсатсыз радиоузатқыш шақапшасын орнатқаны ҳәм (ямаса) оннан пайдаланғаны ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик бийкар етиледи.

Соның менен бир қатарда, айырым белгиленген ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар, соның ишинде, жала жабыў, кемситиў жәбирлениўшини жуўапкершиликке тартыў ҳаққындағы арзасына бола жуўапкершиликке себеп болатуғыны белгиленди.

Соған қарамастан, жәбирлениўши ҳәлсиз жағдайда болғанлығы, жас өспиримлиги ямаса басқа себеплерге бола өз ҳуқықларын қорғай алмаса, ўәкилликли уйымның лаўазымлы шахсы жәбирлениўшиниң арзасысыз ис жүргизиўди баслаўы шәрт.

Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киретуғынын атап өтиў орынлы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги