Мүддетли әскерий хызметти өтеў ушын таңлап алыў тәртиби белгиленди

Ҳүкимет қарары менен “Шақырылыўшыларды таңлап алыў тәртиби ҳаққында”ғы реже тастыйықланды. Бул ҳаққында Әдиллик министрлиги хабар берди.
Бул реже менен шақырылыўшыларды әскерий-техникалық қәнигеликлер бойынша таярлыққа тартыў, Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери қатарында мүддетли әскерий хызметти өтеў ушын таңлап алыў тәртиби белгиленди.
Атап өтилгениндей, шақырылыўшылар таңлаўда 1 жылда тек ғана 1 мәрте қатнасыўы мүмкин. Таңлаў шақырыў жылынан алдынғы жылдың 10-августынан шақырыў жылының 10-февралына шекем өткериледи.
Шақырылыўшы менен сәўбет өткериў арқалы оның әскерий хызметке болған қызығыўшылығы ҳәм ықласы, ҳуқықбузарлықлар ислегенлиги, жуўапкершиликке тартылғанлығы ҳәм судланғанлығы менен байланыслы жағдайлар, денсаўлығының жағдайы, билим дәрежеси, шаңарақлық шараяты ҳәм басқаларға анықлық киргизиледи.
Шақырылыўшылардың улыўма физикалық таярлық дәрежеси турникте тартылыў, 100 метрге жуўырыў, 3000 метрге жуўырыў сыяқлы нормативлер арқалы баҳаланады.
Таңлаў жуўмақлары бойынша шақырылыўшыны усыныў яки усыныс етпеў бойынша тийисли жуўмақ қабыл етиледи, – деп мәлимлеме береди xs.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги