Елликқала районы прокуроры Ш.Матякубов ҳәм тийисли кәрхана ҳәм шөлкемлердиң басшылары районның ең алыс аймақларынан бири болған “Шуқырқақ” мәкан пуқаралар жыйынында болды, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.
Сапар шеңберинде район прокуроры тәрепинен халықты ойландырып атырған, оларды қыйнап киятырған машқалаларды үйрениў ҳәм оларға шешим табыў мақсетинде көшпели қабыллаў шөлкемлестирилди. Соның менен бирге, жаслар менен ашықтан-ашық сөйлесиўлер өткерилип, олардың усыныс ҳәм басламалары тыңланды және әмелий усыныслар тийкарында тийисли илажлар белгилеп алынды.
Мәҳәлледе халық ушын саўда ярмаркасы шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, улыўма билим бериў мектеби, мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси ҳәм аўыллық шыпакерлик пунктиниң жумысы үйренилип, бар шараятлар ҳәм машқалалар бойынша тийисли шөлкемлерге тапсырмалар берилди. Сол күни мәҳәлледеги пуқаралар медициналық тексериўден өткерилди.
Сондай-ақ, социаллық қорғаўға мүтәж, кем тәмийинленген шаңарақларға азық-аўқат өнимлери тарқатылып, оларға материаллық ҳәм руўхый жәрдем көрсетилди. Бул сапар етиў мәҳәлледеги пуқаралар менен тиккелей сөйлесиў тийкарында машқалаларды шешиўде үлкен әҳмийетке ийе болады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги