Ҳәр бир райондағы 40 тан аслам шөлкемде орташа 500 хызметкер жумыс ислейди. Олардың областта кеңсеси де, баслығы да бар.

Айырым районлық шөлкемлер әпиўайы мәселелерди шешиў ушын ўәлаяттан, олар болса республикадан рухсат алыўы керек.

Мәселен, Қумқорған орайындағы темир жолда ҳәр күни 20 мәрте жабылатуғын «шлагбаум» 200 метр узаққа көширилсе, 8 мың автомобиль ушын тығылыс сапластырылады. Бирақ, буған район ямаса ўәлаят ҳәкиминиң ўәкиллиги жоқ. «Өзбекстан темир жоллары»нан рухсат алыў керек.

Ямаса, «Термиз-Сарыасия» темир жолының ярымы электрленбегени ушын электровоз 1,5 саат жумсайтуғын мәнзилге тепловозлар 3 саатта барып атыр. Сол себепли, көпшилик автомобильде ҳәрекетленбекте.

Район ҳәкимлери ҳәм халықтың усынысларын тыңлап, бул жөнелисти ақырына шекем электрге өткерсе, 10 районды Термиз бенен қәўипсиз байланыстырыў мүмкин, бирақ транспорт министри И.Маҳкамов, «Өзбекстан темир жоллары» баслығы З.Нарзуллаев буған немқурайды екени көрсетип өтилди.

Қарақалпақстан хабар агекнтлиги