Мәмлекетимизде социаллық қорғаў системасын жетилистириў, халықтың мүтәж қатламларына мәнзилли жәрдем көрсетиў ҳәм майыплығы болған балаларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылмақта.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Майыплығы болған балаларға социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиў системасын буннан былай да жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында быйылғы жылы тәжирийбе-сынақ түринде жаңа жойбар турмысқа енгизилмекте.
Усы қарарға тийкарланып, Президент жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен Шымбай районында жайласқан «Chimbay city baby» мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде «Күндизги тәрбия» хызмети шөлкемлестирилди.
Бул жаңа хызмет шеңберинде Психологиялық-медициналық-педагогикалық комиссияның жуўмағы тийкарында майыплығы болған 9 бала қамтып алынды. Олар күндизги ўақытта арнаўлы таярланған орталықта тәрбияланып, арнаўлы билимлендириў, медициналық ҳәм психологиялық жәрдем, реабилитация хызметлери менен тәмийинленеди.
Шөлкемлестирилген «Күндизги тәрбия» хызмети «Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасын әмелге асырыў шеңберинде шаңарақлардың мийнетке жарамлы ағзалары ушын жумыс ислеў имканиятын кеңейтиў, балаларға зәрүр тәрбияны тәмийинлеў ҳәм оларды шаңарақ орталығында сақлаўды қоллап-қуўатлаў мақсетинде енгизилген.
Бул хызмет жақын күнлерде Нөкис қаласында да жолға қойылған еди. Енди болса оның географиясы кеңейип, Шымбай районында да жумыс баслады.
Бундай басламалар заманласларымыздың турмыс шараятын жақсылаў, социаллық қорғаў системасының нәтийжелилигин арттырыў ҳәм келешек әўлад ушын теңдей имканиятлар жаратыўға хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги