Өткен бес айда мәмлекетимизде санаат 6,4 процентке өсти, экспорт 18 процентке, сырт ел инвестициялары 46 процентке артты. Баҳасы 3 миллиард долларлық 2,5 мыңнан аслам жаңа қуўатлықлар иске қосылды, 2 миллион 400 мың адам дәраматлы болды.
Бирақ күни кеше дүньяда және бир келиспеўшиликлер ошағы ҳәўиж алғаны тек Жақын Шығыс емес, ал регионымызға да өз тәсирин көрсетпей қалмайды. Кескинлесиў даўам етсе, пандемиядан кейин енди тикленип атырған саўда қатнасықлары ҳәм логистика маршрутлары қыйынласады.
«тынышлық, әдиллик ҳәм инсан қәдирин улығлаўға болған мүтәжлик ҳәр қашанғыдан да артып бармақта
Сонлықтан ҳәр бир ҳәким аймағындағы, министрлер болса тармағындағы имканият ҳәм қәўиплерди алдыннан көре билип, проактив, яғный тапсырма күтпестен, өзи баслама көрсетип ислеўге өтиўи шәрт.
Ең әҳмийетлиси, халық ҳәм бизнес пенен қарым-қатнасты және де күшейтип, олар сорап атырған мәселелерди тез-тез шешип бериў басшылардың тийкарғы ўазыйпасы болыўы зәрүр», – деди мәмлекетимиз басшысы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги