Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Фарҳод Эрманов елимиздиң Сингапурдағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Алишер Қаюмов, Индонезия мәмлекетиндеги айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Ойбек Эшонов, Япониядағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Мухсинхожа Абдурахмонов ҳәм Қубла Кореядағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Алишер Абдусаломов пенен ушырасты.
Ең дәслеп Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов елшилерди республикамызға сапары менен қызғын қутлықлап, ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен сырт мәмлекетлердеги Өзбекстан Республикасының дипломатиялық ўәкилханалары басшылары менен усындай әҳмийетли ушырасыўлардың орынларда өткерилиўи, аймақлар экономикасының турақлы раўажланыўына және де кең имканият жарататуғынын айрықша атап өтти.
Ҳақыйқатында да, мәмлекетимизде соңғы жылларда алып барылып атырған кең көлемли реформалар нәтийжесинде аймақларда инвестициялық орталықты жақсылаў, сырт ел инвесторлары ушын қолайлы шараятлар жаратыў бағдарында орынларда әмелий илажлар алып барылмақта. Буннан тысқары, халықаралық грантлар ҳәм сыртқы бийғәрез қаржыларды тартыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Сондай-ақ, ушырасыў даўамында Министрлер Кеңесиниң Баслығы тәрепинен Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған айрықша итибары нәтийжесинде исбилерменлерге, әсиресе сырт елли инвесторларға кең жоллар ашып берилип, оларға бир қатар жеңилликлер ҳәм барлық шараятлар жаратылып атырғанлығы бойынша мағлыўматлар берип өтти.
Өз гезегинде өткерилген ушырасыўда мәмлекетимиздиң сырт мәмлекетлердеги елшилери шын жүректен қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, келешекте Аралбойы регионын буннан былай да раўажландырыў, сырт мәмлекетлер менен биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў, инвесторларды тартыў бойынша өз пикир-усынысларын билдирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги