Медиация институты раўажланыўының заманагөй тенденциялары ҳәм суд әмелияты

Пайтахтымызда «Медиация институты раўажланыўының заманагөй тенденциялары ҳәм суд әмелияты» атамасында халықаралық илимий-әмелий конференция болып өтти.
Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары кеңеси, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды ҳәм Судьялар жоқары мектеби тәрепинен шөлкемлестирилген илаж дүнья тәжирийбесин үйрениў ҳәм миллий медиация системасын буннан былай да жетилистириўге бағышланды.
Конференцияға тек ғана Өзбекстанның емес, ал Түркия, Қырғызстан, Әзербайжан ҳәм Қазақстан сыяқлы мәмлекетлердиң жоқары маманлықтағы судьялары, медиаторлар, ҳуқықтаныўшы илимпазлар ҳәм аналитиклер белсене қатнасты. Олар өз мәмлекетлеринде медиация институтының раўажланыў тарийхы, ҳуқықый тийкарлары ҳәм әмелияты ҳаққында пикир алысты.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Спикериниң орынбасары Мавлудахон Хўжаева, Сенат ағзасы Малика Қодирхонова, Жоқары суд баслығының орынбасары Шуҳрат Полвонов, Судьялар жоқары кеңеси баслығының орынбасары Алишер Жалилов, Судьялар жоқары мектебиниң директоры Ҳожи-Мурод Исоқов медиация – келиспеўшиликти судсыз шешиў, келисимге ерисиў ҳәм инсан мәплерин биринши орынға қойыў мәденияты екенин атап өтти.
Бүгинги күнде жәмийетте пайда болып атырған ҳәр қыйлы келиспеўшиликлерди тыныш жоллар менен шешиў, пуқаралар арасындағы қатнасықларды беккемлеў ҳәм суд жүклемесин азайтыў жолында медиация институты әҳмийетли орын ийелемекте. Бул институт тек ғана әдилликти тәмийинлеўге емес, ал инсанлар арасында аўызбиршилик ҳәм татыўлықты беккемлеўге хызмет етеди.
Медиация институтының раўажланыўы ҳәм әмелиятқа нәтийжели енгизилиўи ҳәр бир мәмлекеттиң ҳуқықый системасындағы ашық-айдынлық ҳәм әдиллик принциплерин тәмийинлеўде әҳмийетли қурал есапланады.
Усы көзқарастан әнжуманда Әзербайжан, Түркия, Қырғызстан, Қазақстан сыяқлы туўысқан мәмлекетлерден келген абырайлы илимпазлар, қәнигелер ҳәм әмелиятшы медиаторлар менен тәжирийбе алмасыў үлкен әҳмийетке ийе болды.
Конференцияда бир қатар қызықлы ҳәм аналитикалық баянатлар тыңланды.

Атап айтқанда, Қырғызстан ўәкили Гулсина Кожоярова шаңарақлық келиспеўшиликлерде медиацияның абзаллықлары ҳаққында айтып өтти. Түркиялы Илкер Кочигит коммерциялық келиспеўшиликлерде мәжбүрий медиатацияның нәтийжелилигин жарытып берди. Әзербайжанлы Орхан Маҳмудов келиспеўшиликлерди альтернатив шешиўдиң ҳуқықый тийкарларын таллап берди. Қазақстаннан Жандилда Жакупов экономикалық келиспеўшиликлерди шешиўдеги медиацияның орнына итибар қаратты. Түркиялы профессор Озлем Бора Түркиядағы медиацияның тарийхый тийкарлары ҳаққында, атап айтқанда, Муслиҳун шығармасы мысалында шығып сөйледи.
Жоқары суд судьясы Иброҳим Тожиев медиацияға байланыслы ислерди көриўдеги суд әмелиятының өзгешеликлерине тоқтап өтти. Судьялар жоқары мектебиниң профессоры Фозилжон Отахонов мәмлекетимизде медиацияның ҳуқықый тийкарлары ҳәм перспективалары ҳаққында ҳәр тәреплеме сөз етти.
Конференция даўамында сораў-жуўаплар ҳәм пикир-таласлар болып өтти. Қатнасыўшылар тәрепинен медиацияны раўажландырыў бойынша нәтийжели илимий-әмелий усыныслар билдирилди.
Халықаралық тәжирийбе ҳәм миллий әмелиятты үйлестириў арқалы суд системасында жүзеге келетуғын жүклемени азайтыў, жәмийетте келисимге таярлық руўхын беккемлеў мәселелерине итибар қаратылды. Әнжуман тек ғана ҳуқық тараўы қәнигелери ушын емес, ал кең жәмийетшилик ушын да медиацияның мәниси ҳәм имканиятларын жарытып бериўде әҳмийетли майдан болды.
Норгул АБДУРАИМОВА,
ӨзА хабаршысы