Билимлендириў системасындағы реформалардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша берилген тапсырмалардың орынланыўы қадағалаўда болады

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мектеп билимлендириўи системасындағы реформалардың нәтийжелилигин және де арттырыў ҳәм келешектеги тийкарғы ўазыйпалар бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтти.
Улыўма, айтылған тапсырма ҳәм илажлардың орынланыўын қадағалаў ушын штаб дүзилиўи, бул мәселе жеке Президенттиң қадағалаўында болатуғыны атап өтилди.
Район ҳәкимлерине ҳәр айда районлық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимлериниң басшылары, мектеп директорлары ҳәм бақша басшылары менен ушырасып, машқалаларды орнында шешиў ўазыйпасы жүкленди.
Жуўапкерлер буннан былай районлық бөлим басшыларын билимлендириў менен байланыслы болмаған бирде-бир мәжилиске тартыўға болмайтуғыны ҳаққында қатаң ескертилди.
Мәжилис даўамында мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи системасы жуўапкерлериниң пикир-усыныслары, аймақлар басшыларының есабатлары тыңланды.
ӨзА