«Студентлер бәҳәри» фестивалы шеңберинде Дослық каналы бойындағы жаслар майданшасында гезектеги илҳамландырыўшы илаж – «IТ ҳәм жаслар» форумы болып өтти. Бул форум – технологиялар ҳәм инновациялар дүньясына қызыққан жаслар ушын ҳақыйқый илҳам дәреги болды.
Форумда Қарақалпақстанда санлы трансформация бағдарында жетекши болған қәнигелер қатнасып, өз билим ҳәм тәжирийбелери менен ортақласты. Соның ишинде, Мадияр Елмуратов – Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының санластырыў бойынша мәсләҳәтшиси,
Алишер Файзуллаев – IТ Парк Қарақалпақстан филиалы баслығы,
Азиз Мадетов – «Ягона интегратор UZINFOCOM» ЖШЖ Қарақалпақстан Республикасы филиалы баслығы ҳәм басқа да белгили спикерлер қатнасты.


Форум даўамында спикерлер өз шөлкемлеринде әмелге асырылып атырған заманагөй жойбарлар, санлы шешимлер ҳәм жаслар ушын жаратылған имканиятлар ҳаққында мағлыўмат берип, оларды илимий-изертлеў жумыслары, стартаплар ҳәм IТ тараўында раўажланыўға шақырды.
Бундай илажлар – тек ғана билим алмасыў емес, ал жаслардың креатив пикирлеў, жаңа идеялар үстинде ислеў ҳәм бәсекиге шыдамлы қәниге сыпатында қәлиплесиўи ушын әҳмийетли фактор ўазыйпасын атқарады.


Бүгинги форум жаслар ушын заманагөй технологиялар дүньясына кириўге, өзиниң биринши идеясын реал жойбарға айландырыўға жәрдем болды.

 

Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы
Автордың түсирген сүўретлери