Президент Шавкат Мирзиёев «WBM Romitex» кластериниң Әндижан қаласында қурылған жаңа кәрханасының жумысы менен танысты.

«WBM Fabrics» деп аталған бул кәрхана қайта ислеў шынжырының гезектеги басқышы. Улыўма баҳасы 50 миллион долларлық инвестициялық жойбар шеңберинде заманагөй санаат имараты қурылып, Италия ҳәм Германиядан жоқары технологиялық үскенелер келтирип орнатылды. Гезлемени бояў ҳәм гүл салыў жолға қойылды. Кәрхана жылына 24 мың тонна усындай өтимли өним таярлаў қуўатлылығына ийе. Жойбар шеңберинде 600 турақлы жумыс орны жаратылды.

Және бир итибарлы тәрепи, комплексте Италиядан алып келинген заманагөй суў тазалаў имараты қурылған. Онда бояў цехынан шыққан техникалық суў тазаланып, қайта пайдаланыўға қаратылады. Бул үнемлилик ҳәм экологиялық турақлылықты тәмийинлеўде әҳмийетли орын ийелейди.

Мәмлекетимиз басшысы кәрханадағы жумыс процесин көзден өткерди, қәнигелер менен сөйлести. Өндирис майданларынан нәтийжели пайдаланыў, энергия үнемлеў арқалы өзине түсер баҳаны азайтыў, жумысшылардың кәсиплик маманлығын арттырыў мәселелери ҳаққында сөз болды.

Кәрхананың жумысы сыртқы базарға қәнигелескен, жыллық экспорт көлеми 55 миллион долларды қурайтуғынын атап өтиў керек.



Әндижан ўәлаятында тоқымашылық санааты жедел раўажланбақта. Аймақта жетистирилген пахтаны заманагөй кластер системасында терең қайта ислеў кеңейип атыр. Ўәлаяттың республика тоқымашылық санаатындағы үлеси 16,5 процент. 2024-жылы Әндижанда 20 триллион сумлық тоқымашылық өнимлери ислеп шығарылып, 488 миллион долларлық экспорт етилген. Бул ўәлаят улыўма экспортының 42 процентин қурайды.