Аралбойы дүнья итибарында

Усы жылдың 5–6-апрель күнлери Нөкисте Қарақалпақстанда биринши мәрте Арал мәденияты саммити өткерилди. Бул кең көлемли илажда белгили экспертлер, илимпазлар, мәденият ҳәм экология шөлкемлериниң ўәкиллери қатнасты.
Ҳәр 18 айда бир мәрте өткерилиўи режелестирилген биринши Арал мәденият саммити ҳаққында Президент жәрдемшиси Саида Мирзиёева бул Өзбекстан, әсиресе, Қарақалпақстан ушын үлкен әҳмийетке ийе ўақыя екенлигин айрықша атап өтти.
Өзбекстан 2023-жыл 22-24-март күнлери Нью-Йорк қаласында болып өткен БМШтың суў ресурслары бойынша конференциясында Арал мәденият саммити жойбарын әмелге асырыў басламасын алға қойған еди. Саммиттиң тийкарғы мақсети Аралбойы ҳәм дүньяның басқа регионларында пайда болған экологиялық машқалаларды додалаў ҳәм ақылға уғрас шешимлерди усыныў ушын глобал платформа жаратыўдан ибарат.

Әлбетте, Президентимиз Шавкат Мирзиёев Қарақалпақстан, атап айтқанда, Аралбойы регионына бәрқулла үлкен итибар қаратып келмекте. Сондай-ақ, бул машқалаға пүткил дүньянының итибарын тартып, халықаралық ареналарда усы мәселени көтермекте. Соның ишинде, мәмлекетимиз басшысы Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Бас Ассамблеясы жетпис бесинши юбилей сессиясында шығып сөйлеп, халықаралық жәмийетшилик итибарына регионаллық ҳәм глобал әҳмийетке ийе әҳмийетли мәселелер бойынша бир қатар баслама ҳәм усынысларды билдирген еди. Соның ишинде, Аралбойы регионын экологиялық инновация ҳәм технологиялар аймағы, деп жәриялаў ҳаққында Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының арнаўлы резолюциясын қабыллаўды усыныс еткен еди.
Ҳақыйқатында да, Арал теңизиниң қурыўы бир неше жыллардан берли региондағы ең аўыр экологиялық апатшылықлардан бири болып киятырған еди. Президентимиздиң бул усынысы пүткил дүнья мәмлекетлери тәрепинен қоллап-қуўатланыўы, Арал машқаласы тек ғана регионаллық емес, глобал масштабқа көтерилгенин көрсетпекте.
Мәмлекетимиз басшысының 2017-жылы Қарақалпақстанға сапарында Аралбойы аймағын раўажландырыў бойынша 2017-2021-жыллары 8,4 триллион сумды өз ишине алған Бағдарлама ислеп шығылды. Әлбетте, буннан соң Арадбойы аймағын раўажландырыўға байланыслы бир неше қарар ҳәм жойбарлар ислеп шығылып, үлкен өзгерислер исленбекте.
Бул саммит Аралбойы регионын көркем өнер, мәденият, дизайн ҳәм илим арқалы социаллық ҳәм экологиялық жақтан өзгертиўге бағышланған жаңа баслама болып есапланады. Онда бул аймақтың бийтәкирар мәденияты ҳәм өзине тәнлигин сақлап қалыў, усы қурамалы шараятта жасап атырған ўатанласларымыздың мүнәсип келешегин тәмийинлеў ушын регионға итибарды тартыў зәрүр екенлиги айрықша атап өтилди.
Әлбетте, Арал мәденияты саммитиниң мәмлекетимиз раўажланыўындағы әҳмийетин үгит-нәсиятлаў, онда алға қойылған усыныс ҳәм басламаларды турмысқа енгизиўде сиясий партиялар, атап айтқанда, Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясының барлық дәрежедеги шөлкемлери ҳәм депутатлары белсендилик көрсетиўи керек.
Тәжибай Романов,
ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы.
ӨзА