21-март – Өзбекстан қаҳарманы, халық шайыры Абдулла Орипов туўылған күн
Ҳәр биримиздиң өмиримизде сондай бир ўақыя болады, олар бизиң ой-санамыздан, қәлбимизден ҳеш қашан өшпейди, мәңги сақланып қалады. Мениң өмиримде де сондай ўақыялар көп болған. Бүгин әне, солардан биреўин итибарыңызға усынбақшыман.
1992-жылдың сентябрь айынан Өзбекстан радиосының Әдебият редакциясында жумыс басладым. Бул редакцияда сол ўақытларда Орзиқул Эргаш, Эркин Усманов, Шойим Бўтаев сыяқлы жазыўшылар, Рустам Ғани, Минҳожиддин Мырза, Тоир Юнус сыяқлы шайырлар ислейтуғын еди. Арадан көп ўақыт өтпей мен де өзимниң «Бир шығарма тарийхы» деп аталған авторлық еситтириўимди жолға қойдым ҳәм оның дәслепки санын Өзбекстан халық шайыры Абдулла Ориповтың «Өзбекстан» қосығының тарийхына бағышлаўға қарар еттим. Себеби бул қосық сол ўақытта жүдә белгили болып, аўыздан аўызға өтип жүретуғын еди.
Ол ўақытлары Абдулла аға Өзбекстан Авторлық ҳуқықын қорғаў агентлиги (ҳәзирги Авторлық ҳуқықын қорғаў департаменти)ниң директоры ўазыйпасында хызмет ететуғын еди. Устазға телефон етип, мақсетимди түсиндирдим. Ол адам разы болғаннан соң, «Жумысқа келеғой» деди. Дәрҳал жетип бардым. Бир саатқа шамалас ўақыт ишинде сәўбет жуўмақланды. Усы жерде, сол сәўбетте баянланған устаздың айырым гәплерин итибарыңызға усынсам. «Бул қосықты 60-жыллары баслағанман. Оның дәслепки 15-20 қатардан ибарат бөлимлери Ташкент Мәмлекетлик Университети (ҳәзирги Өзбекстан Миллий университети)ниң газетасында басылып шыққан. Қосықтың дәслепки қатарлары «Таўларды жырлайды Расул, Қанатында гүмис дияры» деп басланатуғын еди… » Мен қосықта сол ўақытларда елимизди басып алған басқыншылардың айырымларын санап өткенмен:
Сени Шыңғыс ғәзепке толып,
Жоқ етпекши болды дүньядан,
Жалаладдин қанаты болып,
Атлап өттиң Әмиўдәрьядан»…
«Оқыўшыда неге басқа басқыншылықларды айтпағансыз?» деген сораў туўылыўы мүмкин. Себеби ол ўақытта қызыл айдарҳаның аўзында турып, жасаған күнлеримиз еди. Ол пайытта бул туўралы айтыўдың өзи мүмкин емес еди». «…Мен өз дөретиўшилигимде бираз пүтин, бираз кеўлим толатуғын қосықларымнан бири деп, әне усы «Өзбекстан»ды билемен…»
Жумысқа келгеннен соң, кәсиплеслериме сәўбетлесиў жақсы өткенин айттым. Сонда олар: «Абдулла аға қосықты да оқып берди ме?» деп қалды. Мен оларға қосықты актёрлардан бирине оқытаман дедим. Олар болса: «Қосықты Абдулла ағаның өзи оқыса жақсы болар еди, себеби ҳеш ким шайырдың өзиндей шырайлы (тәсирли) оқый алмайды» деди. Буннан соң, Абдулла ағаға және қоңыраў етип «қосықты өзиңиз оқысыңыз жақсы болар еди, көпшилик солай болғанын қәлеп атыр» дедим. Абдулла аға келисим бергеннен соң, оны студияға мирәт еттим. Сонда Абдулла аға «Өзиң үйге келеғой. Радиоға барып, мен сизлерди излеп жүрмейин» деди. Сонда Абдулла аға «Балалар дүньясы» жанындағы төрт қабатлы жайда жасайтуғын еди ҳәм ол жер радиоға онша узақ емес еди. Барып, Абдулла ағаға қоңыраў еттим. Устаз көп күттирмей, төменге түсти. Радиоға барғанша оннан-буннан сөйлесип келдик. Радиоға келгеннен соң, үшинши қабатта жайласқан 16-студияға көтерилдик. Студияда ислеп атырған қыз дым бәнт екенин, ҳәзир жазыў басланатуғынын айтты. Илажсызлықтан және қайтадан биринши қабаттағы студияға түстик. Ол жерде рус тилинде сөйлейтуғын Темур деген татар жигит ислейтуғын еди. Мен оған Абдулла аға асығып турғанын, жумысты тезирек баслаў керек екенин түсиндирдим. Соннан жазыў басланды. Абдулла аға енди қосық оқыўды баслағанымыз сол, Темур бирден «Стоп» десе болама, Абдулла аға тоқтаўға мәжбүр болды. Руқсат бергеннен соң, устаз оқыўын даўам еттирди. Арадан онша көп өтпестен және оператордың «Стоп!» деген буйрығы жаңлады. Бул рет устаз сораўлы ҳәм наразы нәзерде маған қарады. Мен оған лента сәл гөнергенин, оның жалғанған жерлери бар екенин айттым. Сонда Абдулла аға: «Мен түсиндим. Бирақ ескертип қояйын, және бир мәрте тоқтатсаңыз, қайтадан оқымайман, кетемен. Себеби асығыспан» деди. Мен бул гәптен соң қәўетерлендим. Ақыры, бул еситтириў жоқарыда айтқанымдай радиодағы туңғыш еситтириўим еди. Және бул жағдай ел сүйген, белгили шайыр Абдулла Орипов пенен жүз беретуғынын қыялыма да келтире алмайтуғын едим. Абдулла аға және оқыўды баслады. Тилекке қарсы, және Темурдың сол «стоп» деген ҳаўазы жаңлады. Дурыс, бул жерде Темурдың ҳеш қандай айыбы жоқ еди. Себеби ол сапасыз жазса, бәрибир бул еситтириў эфирге берилмейтуғын еди. Барлық айып ески қайта-қайта жалғанған лентада еди. Абдулла аға өзи айтқандай пальтосын кийип студиядан пәт пенен шығып кетти. Мен болса оның изинен жуўырдым. Сонда алдымыздан шайыр, кәсиплесим Рустам Ғани шығып қалды. Жағдайды оған қысқаша түсиндирдим. Ол дәрҳал устаз бенен сорасып, оны қолтықлап, үшинши қабаттағы 16-студияға алып барды. Мен дәрҳал еле пайдаланылмаған жаңа бир лентаны Барно деген оператор қызға бердим. Устаз пальтосын да шешпестен, стулға отырды. Оператордың ымлаўы менен жазыў басланды. Абдулла аға 150 қатардан ибарат үлкен бир қосықты оқыў барысында бир мәрте де алжаспады, оператор да оны тоқтатпады. Қосық оғада сапалы жазып алынды. Тез арада сәўбет ҳәм қосық эфирге берилди ҳәм көпшиликтиң алғысына, итибарына сазаўар болды. Ҳәзирги ўақытта бул еситтириў Өзбекстан радосының алтын фондында сақланбақта.
Тураб НИЁЗ,
Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы.
ӨзА