Президент Шавкат Мирзиёев 20-март күни Ташкент қаласында әмелге асырылып атырған қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары менен танысты.
Мәмлекетимизде инвесторларға жаратылған қолайлықлар себепли экономикада жеке меншик сектордың үлеси артып бармақта. Тиккелей инвестициялар киргизилип, санаат, қурылыс, саўда, хызмет көрсетиў тараўларында перспективалы жойбарлар әмелге асырылмақта.
Пайтахтымыздың Юнусабад районында қурылған «High Town City» комплекси усылардан бири. Ол кең көлемли болып, саўда ҳәм кеўилашар орайы, бизнес орайы, мийманхана ҳәм заманагөй турақ жайларды өз ишине алған. Оған 510 миллион доллар толық сырт ел инвестициясы қаратылған.
Мәмлекетимиз басшысы саўда орайындағы заманагөй коммерция ҳәм хызмет түрлерин көзден өткерди. 4 қабатлы имаратта саўда дүканлары, соның ишинде, белгили брендлердиң шақапшалары ашылған. Ресторан ҳәм кафелер, кеўилашар ойын орынлары, спорт майданлары, кинотеатрлар ел хызметинде. Жердиң астында автомобиль турыў орны бар.
Бир сөз бенен айтқанда, бул жерде адамлар саўда ислеўи, дем алыўы, спорт пенен шуғылланып, ўақытын хош өткериўи ушын барлық шараятлар жаратылған. Комплекс бир күнде 5 мың адамға хызмет көрсетиў қуўатлылығына ийе. Онда 1 мың 500 адам жумыс пенен тәмийинленди.
Президентимиз комплекстиң экономикалық әҳмийети ҳәм халық ушын қолайлығын атап өтип, инвестор ҳәм исбилерменлерге жәрдем бериў буннан кейин де мәмлекетимиз сиясатының стратегиялық бағдары болып қалатуғынын атап өтти. Миллий өнимлеримизди брендке айландырыў, оларды сыртқы базарларда таныстырыў бойынша жуўапкерлерге көрсетпелер берди.
Саўда орайында ықшам китап дүканы да ашылған. Шавкат Мирзиёев бул басламаны қоллап-қуўатлап, метро бәндиргилери, күтиў орынларында да ықшам китап дүканларын шөлкемлестириў мақсетке муўапық екенлигин айтты.
Мәмлекетимиз басшысы ойын майданшасындағы балаларды көрип, шын кеўилден меҳир-итибарын билдирди. Ҳәзирги барлық ҳәрекетлер мәмлекетимиз келешеги ушын исленип атырғаны, оның ушын балалар жақсы оқып, интеллектуаллық ҳәм дөретиўшилик имканиятын раўажландырып барыўы керек екенлигин атап өтти.
Жақында 24 қабатлы, бес жулдызлы мийманхана да қурылыўы режелестирилген. Онда 250 хана болып, бир ўақыттың өзинде 430 адамға хызмет көрсетиў имканиятына ийе болады. Үлкен ҳәм киши конференция заллары, жүзиў бассейнлери, ресторан ҳәм дүканларда заманагөй қолайлықлар жолға қойылады.
Мәмлекетимиз басшысына усы жерде қурылатуғын заманагөй турақ жайлардың жойбары таныстырылды. Оған бола, 1 мың 500 квартирадан ибарат 28 көп қабатлы турақ жай қурылады. Комплекс ҳәўлиси автомобильлер ушын жабық ҳәм жасыл аймақ болады. Балалар бақшасы, ойын майданшасы, теннис корты, жер асты автомобиль турыў орны шөлкемлестириледи. Комплекс аймағы толық Wi-Fi менен қамтып алынады ҳәм имаратларға шаўқымсыз лифтлер орнатылады.
Ташкент қаласында жәмийетлик транспортты раўажландырыў жойбарлары да көрип шығылды. Бизге белгили, Ташкент метрополитенин Ташкент трактор заводына шекем алып барыў режелестирилген. Президентимиз алдын усыныс етилген жойбарларды қайта көрип шығыў, басқа да қолайлы усыныслар киргизиў бойынша тапсырма берген еди. Соған муўапық таярланған жаңа жойбарға бола, Уллы жипек жолы метросынан Ташкент трактор заводына шекем 10 бәндирги қурылады. Бул тармақ 30 мәҳәлле, 148 мың халықты қамтып алады.
Және бир жойбарға бола, Бектемир районында Шыршық дәрьясы жанында көп қабатлы турақ жайлар, саўда ҳәм хызмет имаратларын қурыў нәзерде тутылған. Оның нәтийжесинде районда урбанизация жеделлесип, жаңа орай пайда болады.
Президент Шавкат Мирзиёев пайтахтымыздың Бектемир районына сапары ўақтында Ийкота мәҳәллесинде болып, қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары менен жақыннан танысты.
Бул жердеги 37 көп қабатлы турақ жай ҳәм 1 мың 400 ҳәўлиде 6 мыңға шамалас халық жасайды. Мәмлекетимизде мәҳәлле кесиминде әмелге асырылып атырған мәнзилли жумыслар Ийкотада да өзиниң нәтийжесин бермекте. Жаңа көп қабатлы турақ жайлар қурылған. Жоллар ҳәм ишки көшелер оңланған. Майданшаларға гүл ҳәм көк шөплер егилген.
Өткен жылы үш қабатлы мәҳәлле уйымының пайдаланыўға тапсырылған еди. Енди мәмлекетлик бюджет есабынан 358-улыўма билимлендириў мектеби қурылды. Президентимиз бул жаңа комплексти көзден өткерди.
Билимлендириў системасына қаратылып атырған итибардың айқын көринисин бул жерде де көриў мүмкин. Дерлик мың орынлық мектепте илим ханалары, компьютер ҳәм шет тили ханалары, робототехника дөгереги, лаборатория зәрүр оқыў үскенелери менен тәмийинленген. Китапхана, спорт залы, футбол майданы ҳәм асханада балалар ушын кең қолайлықлар жаратылған.
Педагоглар менен сөйлесиў ўақтында балалардың қәбилетин дурыс қәлиплестириў, кәсиплик билимлендириўди раўажландырып, питкериўшилерди қәсип-өнерли етип турмысқа жоллаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Атап айтқанда, мәлимлеме технологиялары, робототехника, инженерлик сыяқлы бағдарларды кеңейтиў, жас өспиримлерде әскерий-ўатансүйиўшилик руўхын күшейтиў ўазыйпалары көрсетип өтилди.
Мәҳәлледеги жаңа үйлердиң биринши қабатларында еки жеке меншик бақша шөлкемлестирилген. Олардың Наўрыз алдында ашылғаны ата-аналар ушын байрамға тән саўға болды.
Ишки имканиятларды иске қосып, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў принципи бул мәҳәлледе де көзге тасланған. 70 саўда ҳәм хызмет көрсетиў шақапшасы, 2 өндирислик кәрханасында көпшилик хожалығын бақпақта. Президентимиздиң бийлиги менен жәрияланған әҳмийетли бир айлық шеңберинде қыйтақ жерден үнемли пайдаланыў, аўыл хожалығы егинлерин егиў қызғын даўам етпекте.
«Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл экономика» жылында нәл егип, жасыллық жаратыў көлеми кеңейди. Пайтахтымыздың Бектемир районында және бир бағқа тийкар салынды.
Президентимиз мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери менен бирге бул жерде нәл екти.
Ийкота, Мәжнунтал, Зилола, Роҳат ҳәм Иқбол мәҳәллелери арасындағы бул аймақ алдын қараўсыз орын еди. Елдиң бирлиги менен және бир жасыл мәкан, халық дем алатуғын парк пайда болмақта. Үш гектарлық аймаққа тоғай концепциясы тийкарында үш мың түп терек ҳәм пута нәллери егилди. Олардың суўғарылыўы ҳәм тәрбиясына жуўапкерлер бириктирилди.
Мәҳәлле белсендилери, нураныйлар ҳәм жаслар менен қызғын сөйлесиў болды. Мәмлекетимиз басшысы жәмийетшилик ўәкиллерине усы ийгиликли басламаға үлес қосып атырғаны ушын миннетдаршылық билдирди. Ҳәммени кирип киятырған Наўрыз байрамы менен қутлықлады.
Президенттиң басламасы менен жәрияланған әҳмийетли бир айлық шеңберинде мәҳәллелерде дийқаншылық ҳәм абаданластырыў жумыслары аўызбиршилик пенен алып барылмақта.
Бәҳәрде 125 миллион түп нәл егилиўи мөлшерленген. Онда егислик жерлерди дурыс таңлаў, суўғарыўды жақсылаўға айрықша итибар қаратылмақта. Жаңа бағда егилген нәллер мине, усы ийгиликли әмелдиң даўамы болды.
«Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл экономика» жылы Мәмлекетлик бағдарламасына муўапық, быйыл нәлшиликке қәнигелескен 18 тоғай хожалығы шөлкемлестириледи. Оларда «илим-жойбар-әмелият» принципи тийкарында генетикалық селекция жумыслары күшейтилип, плантациялар кеңейтиледи. «Жасыл әлем» платформасы иске қосылып, нәллерди онлайн сатып алыў жолға қойылады.
Елимиздиң барлық орынларында Наўрыз әййямы көтериңки руўхта күтип алынбақта. Президент Шавкат Мирзиёев Бектемир районы Роҳат мәҳәллесине барып, байрам сейилинде де қатнасты.
Хызмет көрсетиў ҳәм саўдаға қәнигелескен мәҳәлледе 4 мың халық жасайды. Бәнтликти тәмийинлеў бойынша жаңа системаға муўапық, банклердиң қатнасыўында мәҳәллениң ишки имканиятлары пайда болмақта. Өткен жылы жүзге шамалас халық жумысқа жайластырылған, 256сы өзин-өзи бәнт еткен, 13и исбилерменлик жумысын баслаған. Еки өндирис кәрханасы, онлаған саўда ҳәм турмыслық хызмет шақапшалары адамларға қолайлық жаратпақта.
Президентимиз бул кәрханаларды көзден өткерди.
Мәҳәлледе көшелер абат, хожалықлар азада. Билимлендириў ҳәм медицина мәкемелери, спорт майданшалары, оқыў орайы, амфитеатр, өнерментлер ҳәм мәлимлеме-китапхана орайлары, нураныйлар мәканы жумыс алып бармақта.
Мәмлекетимиз басшысы усы жерде шөлкемлестирилген сүмелек сейилинде қатнасты, мәҳәлле белсендилери, нураныйлар менен қызғын сәўбетлести. Сөйлесиўде усы жылғы режелер, соның ишинде, тынышлық-татыўлықты сақлаў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳаққында сөз болды.
– Мәҳәллеңиздеги абатлықты, адамлардың кейпиятын көрип, қуўандым. Ўақыты менен барлық районлардағы имканиятларды арттырамыз. Оның ушын ең тийкарғысы – тынышлық-аўызбиршилик керек. Алдын шегараларымызда жағдай қандай еди! Қыйыншылыққа шыдамлылық пенен, сиясий ерк-ықрар менен барлық мәселелерге шешим таўып атырмыз. Барлық жумысларды төменги системада шөлкемлестиргенимиз ушын 10 мыңға шамалас мәҳәллениң жағдайы анық көринбекте. «Мәҳәлле жетилиги» арқалы хожалыққа жетип барылмақта. Адамлардың дәраматын арттырыў, кәмбағаллықты қысқартыў, жаслардың сиясатында еле жумысларымыз көп. Соның ушын билимлендириўге, ул-қызларды оқытыўға үлкен итибар бериўимиз керек. Жаслары билимли ҳәм мәнаўиятлы жәмийет, әлбетте, абаданлыққа ериседи,-деди Шавкат Мирзиёев.
Роҳат мәҳәллесинде улыўма билимлендириў мектеби, балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби, «Бәркамал әўлад» орайы, академиялық лицей жумыс алып бармақта. Жақында жаңа мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми қурып питкерилди. Олар да жаслардың ағартыўшылығын арттырыўға хызмет етеди.
Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Икром АВВАЛБОЕВ,
Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,
ӨзАның хабаршылары