2025-жылдың 4-5-апрель күнлери «Silk Road Samarkand» конгресс орайында биринши Самарқанд климат форумы болып өтеди. Форумда дүнья жетекшилери, сиясатшылар, экспертлер ҳәм белсендилердиң қатнасыўында Орайлық Азия ҳәм дүньяда ушырасып атырған әҳмийетли климат машқалалары додаланады.
«Орайлық Азия глобал климат машқалаларына ушыраспақта: улыўмалық абаданлық ушын бирлесиў» темасы астындағы форум экологиялық турақлылық, «жасыл» экономикалық раўажланыў ҳәм климат турақлылығы бойынша сөйлесиўди әмелге асырыў ушын жоқары дәрежедеги платформаға айланады.
Тийкарғы итибар регионаллық ҳәм халықаралық бирге ислесиўге қаратылған. Климат форумы қайта тикленетуғын энергетиканы раўажландырыў, суў ресурсларын комплексли басқарыў, биологиялық ҳәр түрлиликти сақлаў ҳәм турақлы қаланың раўажланыўы сыяқлы тийкарғы бағдарлар бойынша эксперт панеллери, жалпы сессиялар ҳәм сиясий сөйлесиўлерди усынады.
Додалаўдың тийкарғы темаларынан бири глобал көлемдеги экологиялық апатшылықтың анық үлгиси болған Арал теңизи кризиси болып есапланады. Қәнигелер ҳәм ҳүкимет ўәкиллери зыян көрген аймақларда жерлерди тиклеў, шөллениўге қарсы гүресиў ҳәм климат өзгериўиниң социаллық-экономикалық ақыбетлерин азайтыў бойынша барлық шешимлерди көрип шығады.
Форумда Орайлық Азия мәмлекетлери, соның ишинде, Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан басшылары, сондай-ақ, Европа Аўқамы, БМШ, халықаралық қаржы институтлары ҳәм жетекши экология шөлкемлериниң ўәкиллери қатнасыўы күтилмекте. Бул аймақтың жасыл трансформациясы ҳәм турақлы раўажланыўына улыўмалық садықлықты тастыйықлайды.
Илаждың тийкарғы нәтийжеси Самарқанд форумының жуўмақлаўшы ҳүжжети – «Жасыл» раўажланыўдың Регионаллық концепциясы презентациясы болып, ол климат өзгериўи тараўында Орайлық Азия мәмлекетлериниң бирден-бир регионаллық көз қарасларын қәлиплестириўге тийкар салады. Онда жетекши халықаралық шөлкемлердиң региондағы экологиялық машқалаларды шешиў бағдарындағы қатнаслары баян етиледи.
Муҳайё Тошқораева,
ӨзА