Бозатаў районы Еркиндәрья аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы Мәкке аўылда  «Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз!» сүрени астында «Ассалам Наўрыз!» атамасында улыўмахалықлық байрам илажлары өткерилди.

Байрам илажына район басшылары, аўыл ақсақаллары, депутатлар ҳәм аймақ турғынлары қатнасты.

Салтанатлы байрам илажында Бозатаў районы ҳәкиминиң орынбасары Орынбасар Сапаров,  Өзбекстан мәҳәллелер ассосациясы районлық бөлиминиң баслығы Қуралбай Қайпов, Нураный қоры районлық бөлиминиң баслығы Шарибай Бердахов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, аўыл халқын Наўрыз бенен қызғын қутлықлады ҳәм шығыс халықларының жаңа жылының табыслы келиўине өзлериниң тилеклерин билдирди.

Байрамда миллий тағамлар, кийимлер ҳәм буйымлар көргизбеси шөлкемлестирилип, мектептиң педагог-хызметкерлери ҳәм оқыўшылары тәрепинен халқымыздың үрп-әдет, салт-дәстүрлери көрсетилди. Мәденият хызметкерлери ҳәм жас талантлылар тәрепинен елимизде жасаўшы түрли халықлардың қосық ҳәм аяқ ойынлары атқарылып, илаж қатнасыўшыларына көтериңки кейпият бағышлады.

Усы күни аўылда «Басламалы бюджет» ашық порталы 2024-жылдың екинши мәўсиминде көп даўыс топлап, жеңимпаз деп табылған жасыл қапламалы киши футбол майданшасының қурылыс жумыслары толығы менен жуўмақланып, аймақ халқына байрам саўғасы сыпатында пайдаланыўға тапсырылды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы