Саудия ҳәм Украина жетекшилери ушырасты

404

Саудия Арабстаны мийрасхор шаҳзадасы Муҳаммад бин Салмон Ол Сауд кеше Украина Президенти Владимир Зеленский менен Жиддадагы Ал-Салом сарайында рәсмий сөйлесиў өткерди. Сөйлесиў даўамында еки тәреплеме қатнасықтың раўажланыўы, кейинги өзгерислер ҳәм Украинадағы дағдарыс додаланды. Бул ҳаққында «China Daily» хабар берди.

Шаҳзада тынышлық орнатыў жолындағы халықаралық ислерди қоллап-қуўатлаўға садық екенин тастыйықлады.

Өз гезегинде Зеленский Патшалықтың ҳәрекетлери ушын миннетдаршылық билдирип, оның Жақын Шығыс ҳәм басқа да регионлардағы әҳмийетли орнын атап өткен.

Қарақалпақстан хабар агентлиги