Тахтакөпирли ҳаял-қызлар да байрам қушағында

Тахтакөпир районы Мәденият орайында 8-март – халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен байрам кешеси өткерилди.
Илажда район ҳәкими Жамбул Адилов сөзге шығып, өзиниң бай ис- тәжирийбеси менен мәмлекетимизде алып барылып атырған реформаларды әмелге асырыўға белсене қатнасып, халқымыздың абаданлығын арттырыў, жасларды кәмил инсанлар етип тәрбиялаў жолында мийнет етип киятырған нураный аналар ҳәм ҳаял-қызларымызды мақтаныш пенен тилге алып, халықаралық ҳаял-қызлар күни байрамы менен қызғын қутлықлады.
Сондай-ақ, кешеде бир қатар нураный аналар, көше бийи ҳәм өрнекли ҳаяллар, белсенди ҳаял-қызлар ҳәм жаслар район ҳәкимлигиниң Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
-Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан көлеминде өткерилип атырған спорт жарысларында қолға киргизген жетискенликлеримиз инабатқа алынып, район ҳәкимлигиниң Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғасы менен сыйлықландық,-дейди қол урысы бойынша Қарақалпақстан чемпионы, мәмлекетимиз бириншилигиниң қола медалы ийеси Ақбота Нағашбаева.-Бизлердей жасларға көрсетип атырған бундай жоқары итибары ҳәм ҳүрмети ушын район басшыларына өзлеримиздиң шексиз миннетдаршылығымызды билдиремиз.
Соның менен бирге, илаж даўамында ҳаял-қызлар арасында өткерилип киятырған «Әжайып майдан» интеллектуаллық ойынының жуўмақлаўшы басқышы болып өтти.

Қызғын өткен интеллектуаллық ойын жуўмағында Тахтакөпир районлық Жаслар ислери агентлигиниң ис жүргизиўшиси Ш.Акимниязова жеңимпаз болып, баҳалы саўға ийесине айланды.
Кеше районлық мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы