Өзбекстан «Әдалат» СДП Қарақалпақстан аймақлық Кеңеси тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер министрлиги, Қарақалпақстан Мусылманлары қазыяты менен бирликте пайтахтымыздағы 22-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде «Тынышлық, абаданлық ҳәм раўажланыў жолында бирлесейик!» сүрени менен руўхый-ағартыўшылық ушырасыўы өткерилди.

Оған партияның Қарақалпақстан аймақлық, қалалық, районлық Кеңеслериниң хызметкерлери, МПЖ мәсләҳәтшилери  ҳәм белсендилери, нураныйлар, жаслар аўқамының жетекшилери, ишки ислер уйымлары таяныш пунктлериниң профилактика инспекторлары, партия белсендилери қатнасты.

Илаж қатнасыўшылары дәслеп усы мектеп оқыўшыларының «Тынышлық мениң нәзеримде» атамасындағы сүўретлер көргизбесин тамашалады.

Жас сүўретшилердиң тынышлық, ана-Ўатан темасында салған сүўретлери қатнасыўшыларда үлкен тәсир қалдырды ҳәм оларға партияның Қарақалпақстан аймақлық Кеңеси тәрепинен тәрепинен Ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалары салтанатлы түрде тапсырылды.

Ушырасыўда шығып сөйлегенлердиң атап өткениндей, елимизде миллетлераралық қатнасықларды, дослық ҳәм аўызбиршиликти беккемлеў, ҳәр қандай миллетшилик, экстремизм, терроризм иллетлерине қарсы гүресиў, динлераралық кеңпейилликти, тынышлық ҳәм абаданлықты үгит-нәсиятлаўда көплеген илажлар әмелге асырылмақта.

Сондай-ақ, илажда Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ж.Избасқанов Ўатан, тынышлық темаларында қосық оқыды. Илаж усы мектеп оқыўшылардың атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.