Мектепке шекемги билимлендириў – баланың келешегин белгилеп береди. Кишкене ул-қызларымыздың келешекте бәркамал инсанлар болып жетилисиўинде балалар бақшаларының орны ҳәм ол жерде алатуғын тәлим-тәрбияның әҳмийети үлкен.

Өзбекстан «Әдалат» СДП Қарақалпақстан аймақлық Кеңесиниң басламасы менен елимиз ғәрезсизлигиниң 27 жыллығы алдынан пайтахтымыздағы 48-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде шахмат-шашка майданшасы шөлкемлестирилди.

– Буннан тийкарғы мақсет – балалардың ойлаў қәбилетин раўажландырыў ҳәм билим көнликпелерин қәлиплестириўге мүнәсип үлес қосыўдан ибарат. Тәрбияланыўшылар болса шахмат-шашка майданшасы саўға етилгенлигинен оғада қуўанышлы болды,-дейди Өзбекстан «Әдалат» СДП Қарақалпақстан аймақлық Кеңесиниң баспасөз хаткери А.Оразымбетова.

Илажда усы мәкемеде тәрбияланып атырған балалар шөлкемлестириўшилерге миннетдаршылық билдириў мақсетинде бақша апаларынан үйренген қосық ҳәм аяқ ойынларын атқарды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.